Жынаят кодексиндеги "диний экстремизм" сөзлери "экстремизм" сөзине алмастырылды. Бурын экстремизм, сепаратизм, фундаменталистик ямаса басқа да қадаған етилген шөлкемлерди дүзиў, оларға басшылық етиў ҳәм қатнасыў бирдей – 5 жылдан 15 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланатуғын еди. Енди қатнасыў ушын 5 жылдан 10 жылға шекем, шөлкемлестириў ҳәм басқарыў ушын болса 10 жылдан 15 жылға шекем мүддет белгиленбекте.

Экстремистлик материалларды сақлаў, тарқатыў ямаса көрсетиўде қатнасқан шахс, егер бул ҳаққында ҳәкимият уйымларына өз ўақтында хабар берген ямаса басқаша усылда аўыр ақыбетлердиң алдын алыўға жәрдем берген болса, жуўапкершиликтен азат етиледи.

Бурын тарқатыў мақсетинде экстремистлик материалларды таярлаў ҳәм сақлаў жынайый жуўапкершиликке, соның ишинде, БЕМниң 200 есесинен 400 есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болған. Енди биринши мәрте әмелге асырылған қылмыс ушын: пуқараларға – БЕМның 50 есесинен 100 есесине шекем, лаўазымлы шахсларға – БЕМның 100 есесинен 150 есесине шекемги муғдарда ҳәкимшилик жәрийма ҳәм конфискация ямаса 15 суткаға шекем қамаққа алыў нәзерде тутылған (МЖтК 1845-статья). Қылмыс ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан кейин жүз берсе, жынайый жуўапкершилик жүзеге келеди.

"Экстремизмге қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызам сезилерли дәрежеде толықтырылды. Алдын жумысы тоқтатылған шөлкемлер ҳәм юридикалық шахслардың дизими Әдиллик министрлиги ҳәм Жоқарғы суд сайтларында жәрияланған еди. Енди Әдиллик министрлиги ашық электрон реестр жүргизип барады, оған экстремистик материаллар ҳәм оларды системалы түрде тарқатып барыўшы интернет дәреклери де киргизиледи.

Бурын нызамда материалларды ким экстремистлик деп табыўы белгиленбеген ҳәм юридикалық тәрептиң жумысын судтың қарары менен тоқтатып турыў мүддети шекленбеген еди. Енди буны Бас прокурордың арзасына бола Жоқарғы суд әмелге асырады, юридикалық тәрептиң жумысы болса бир жылға шекемги мүддетке тоқтатып қойылады. Қарар үстинен шағым 72 саат ишинде бериледи ҳәм оның орынланыўын тоқтатып турмайды.

Экстремистлик характердеги жынаятлар ушын судланған шахслар судланғанлығы сапластырылғанша ямаса алып тасланбағанша ағартыўшылық, журналистлик жумысы менен шуғылланыўы, психологиялық жәрдем көрсетиўи ҳәм ғалаба хабар қуралларын шөлкемлестириўи мүмкин емес. Экстремистлик жумыс фактлери ҳаққында хабар берген шахслар мәмлекет қорғаўында болады ҳәм хошаметлениўи мүмкин.

Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 03.11.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».