Кейинги жылларда мәмлекетимиз шегараларын инженерлик жақтан беккемлеў,
шегара әскерлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, миллий
қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Соның менен бирге, трансмиллий жынаятшылықтың жаңа көринислери, атап
айтқанда, мәмлекет шегарасы арқалы жер асты туннельлерин қурыў ҳәм олардан
нызамсыз пайдаланыў әмелдеги нызамшылықты буннан былай да жетилистириў
зәрүрлигин талап етип атырғаны атап өтилди.
Додалаў процесинде атап өтилгениндей, 2016-2025-жыллар даўамында
мәмлекетлик шегарада 12 нызамсыз жер асты туннельлери анықланған. Олардан пайдаланған ҳалда үлкен көлемдеги товарлар,
валюта ҳәм басқа да баҳалы затларды нызамсыз түрде мәмлекетимизге алып кириўге
урыныў жағдайлары анықланған. Бундай жағдайлар мәмлекетлик шегараның қол
қатылмаслығы, экономикалық қәўипсизлик ҳәм миллий мәплеримизге үлкен қәўип
туўдырып атырғаны атап өтилди.
Нызам менен
Жынаят кодексинде мәмлекет шегарасы арқалы жер астында нызамсыз туннельлер ҳәм
басқа да инфраструктура объектлерин қурыў, олардан пайдаланыў, бундай
жумысларды шөлкемлестириў ямаса қаржыландырыў ушын жынайый жуўапкершилик өз
алдына белгиленбекте. Сондай-ақ, мәмлекетлик шегараны кесип өтиў ямаса бундай
нызамсыз объектлерден пайдаланған ҳалда контрабанда жынаятларын ислегени ушын
жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте.
Буннан тысқары,
Нызамда инсаныйлық принципи де өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, усындай
ҳәрекетти биринши мәрте ислеген шахс нызамсыз туннель ҳаққында мәмлекетлик
уйымларға өз ықтыяры менен хабар берсе ямаса жынаятты ашыўға белсене
жәрдемлессе, сондай-ақ, оның ҳәрекетлеринде басқаша жынаят қурамы болмаса,
жынайый жуўапкершиликтен азат етилиўи нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ,
Жынаят-процессуал кодексине киргизилип атырған өзгерислер менен мәмлекетлик
шегара арқалы жер астында нызамсыз туннельлер қурыў ҳәм олардан пайдаланыў
менен байланыслы жынаятлар бойынша дәслепки тергеў ҳәрекетлери Мәмлекетлик
қәўипсизлик хызмети уйымларының тергеўшилери тәрепинен әмелге асырылатуғыны
белгиленбекте. Бул болса усы түрдеги жынаятларды тез анықлаў ҳәм нәтийжели
тергеў имканиятларын және де кеңейтеди.
Додалаў ўақтында
сенаторлар тәрепинен нызам мәмлекетлик шегараның қол қатылмаслығын беккемлеў,
трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиўдиң нәтийжелилигин
арттырыў, миллий ҳәм экономикалық қәўипсизликти тәмийинлеў, елимизде тынышлық
ҳәм турақлылықты буннан былай да беккемлеўде әҳмиетли ҳуқықый тийкар болып
хызмет ететуғыны атап өтилди.