Илаж даўамында Уйчи районында фармацевтика өнимлерин сатыў менен шуғылланыўшы жеке меншик кәрхананың басшысы ҳәм жумысшысы болған 1983 ҳәм 1986-жылларда туўылған аға-ини тәрепинен турақ жай емес имараттың жер төлесинде шөлкемлестирилген жасырын қоймахана ашылды.

Қоймахананы көзден өткериў процесинде сырт елде ислеп шығарылған, улыўма баҳасы 5,6 миллиард сумды қурайтуғын 412 түрдеги жәми 67 923 дана дәри-дәрмақлар келешекте сатыў мақсетинде сақланып атырғаны анықланып, процессуал тәртипте рәсмийлестирип алынды.

Ҳәзирги ўақытта бул дәри қуралларына судқа байланыслы химиялық, товар таныў экспертизасы тайынланып, тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.