Мәмлекетимизде аймақларды заманагөй технологиялар тийкарында раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызметлер көрсетиў системасын санластырыў, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Наманганда "ақыллы" ситуациялық орай шөлкемлестирилип, қала ҳәм районлардағы процесслерди бирден-бир санлы система арқалы таллаў, оператив басқарыў қарарларын қабыл етиў, халық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз орталық жаратыў мақсет етилген.

Норин районының Янги Наманган мәҳәллесинде шөлкемлестирилетуғын "Мәҳәлле мәлимлеме ҳәм хызмет көрсетиў орайы" жойбары таныстырылды.

Бул орай арқалы 8 мәҳәлледеги 27 мыңнан аслам халыққа 980 түрдеги хызметлер "бир айна" принципи тийкарында тиккелей орынларда көрсетилиўи режелестирилген. Онда, аймақтың социаллық қорғаў, бәнтлик, ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, салық, жынаятшылық, билимлендириў ҳәм басқа да әҳмийетли көрсеткишлерине байланыслы мағлыўматлар бирден-бир санлы системаға интеграцияланады.

Профилактика инспекторларының жумыс нәтийжелилигин және де арттырыўға қаратылған презентация даўамында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы менен байланыслы 18 түрдеги процесслер санластырылып, хызметкерлердиң планшетлерине интеграцияланғаны мәлим етилди. Буннан тысқары, инспекторлар заманагөй боди-камералар менен тәмийинленген, олардың жумысы ситуациялық орай менен тығыз байланысқан.

Усы жерде Президентимизге Наманган ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жаңа тийкарғы бағдарлары ҳаққында мағлыўмат берилди.

Кейинги жыллары Наманганда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 4,6 триллион сумнан 40 триллион сумға артқаны атап өтилди. Усы жылы жалпы аймақлық өнимди 9,2 процентке, санаатты 9 процентке, хызмет көрсетиўди 17 процентке, аўыл хожалығын 6,8 процентке арттырыў ўазыйпасы қойылды. Машина қурылысы, металлургия, жеңил санаат, хызмет көрсетиў ҳәм "жаңа экономика" тараўлары ўәлаят раўажланыўының тийкарғы драйверлери болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Аймақларды раўажландырыўға илимий қатнасты күшейтиў мақсетинде мәмлекетимиздеги 14 "ақыл орайы" Наманган үлгисиндеги жаңа жумыс форматына өтеди. Олар район ҳәм қалаларда экономикалық диагностика өткерип, мийнет өнимдарлығы, инвестициялар сапасы, кооперация, исбилерменлик белсендилиги ҳәм қосымша қун шынжырларында жаңа резервлерди анықлайды.

Жуўапкерлерге быйыл 1-сентябрьге шекем ҳәр бир районның санаат потенциалын ҳәр тәреплеме үйренип, жаңа бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. "Ақыл орайлары" тәрепинен таярланған ҳәр бир илимий қолланба әмелиятқа енгизилип, аймақ ямаса тараўдың раўажланыўына хызмет етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Наманган ўәлаятында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бизнес инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде усы жылы бюджеттен 4,5 триллион сум ажыратылды. Киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўға 6,5 триллион сум ресурс қаратылмақта.

Ўәлаятта жылдың ақырына шекем 80 мың халықты турақлы бәнт етиў, 314 мың пуқараның дәраматын арттырыў, 21 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасы қойылды.

Бес айда 23,5 мың адам турақлы жумыс пенен тәмийинленди, 8 мыңнан аслам шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды. Соның менен бирге, бир қатар районларда жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық көрсеткишлери жоқарылығынша қалып атырғаны сынға алынды. Жуўапкерлерге бәнтлик, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Аўыл хожалығында да жаңа имканиятлар бар екенлиги атап өтилди. Косонсой районында шарўашылықты раўажландырып, жылдың ақырына шекем 4 мың 700 гектар майданда от-жем егинлерин жетистириў, қарамал ҳәм қойларды 2 есеге көбейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Поп районындағы таўлы жерлерден нәтийжели пайдаланыў, санаатластырылған органикалық бағлар шөлкемлестириў әмелиятын кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди. Жылдың ақырына шекем және 400 гектар майданда бағ жаратыў, бир ай мүддетте қосымша 2 мың 800 гектарда әмелий жумысларды баслаў режелестирилген.

Жасларды заманагөй кәсип-өнерге таярлаў мәселелерине де итибар қаратылды. Наманганда жәҳән стандартларына сай кеминде 5 жеке меншик оқыў-баҳалаў орайын шөлкемлестирип, усы жылдың өзинде 20 мың жигит-қызды оқытыўды баслаў бойынша көрсетпелер берилди.

Жуўапкерлерге мийнет базарының жаңа талапларынан келип шығып, заманагөй кәсиплерге кадрлар буйыртпасын қәлиплестириў, техникумлар имаратынан оқыў-баҳалаў орайлары ушын хана ажыратыў, жаңа оқыў жылы басланғанға шекем бар техникумларда оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын жуўмақлаў бойынша тапсырмалар берилди.

Инвестиция ҳәм экспорт мәселелери де додаланды. Усы жылы Наманган ўәлаятына 5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, экспорт көлемин 1,2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Бесинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумы шеңберинде ўәлаятта 3 миллиард долларлық 43 жойбарды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.

Экспорт потенциалын арттырыў ушын ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде ислеў, Наманган мысалында өним ислеп шығарыўдан стандартластырыў, сертификатлаў, қадақлаў, логистика ҳәм бажыхана рәсмийлестириўине шекемги барлық процесслерди қамтып алған бирден-бир экспорт экосистемасын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.

Усы жылы 130 километр ишимлик суўы, 2,5 километр ақаба суў тармақлары ҳәм 9 жаңа суў имаратын қурыў ушын 703 миллиард сум қаржы ажыратылған. Бул арқалы 34 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди, 25 мың пуқара канализация системасына жалғанады.

Сондай-ақ, "Пунган - Наманган" автомобиль жолының 75 километр бөлегин реконструкциялаў, 4 қатарлы бетон жолға айландырыў, 21 көпир ҳәм 22 пиядалар өтиў жолын қурыў режелестирилген.

Жәмийетлик транспортты раўажландырыў мақсетинде усы жылы 1-сентябрьге шекем 90, 50 электробус ҳәм 30 микроавтобус, келеси жылы 1-июльге шекем қосымша 105 электробус сатып алыў бойынша тапсырма берилди. Усы жылдың өзинде Наманган қаласында канализация системасын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери тийкарында реконструкциялаў бойынша әмелий жумыслар басланады.

Денсаўлықты сақлаў тараўында басланғыш медициналық-санитариялық жәрдемниң жаңа моделин Косонсой ҳәм Уйчи районларында да енгизиў режелестирилген. Сондай-ақ, усы жылдың октябрь айынан баслап Наманган, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында миокард инфаркти ҳәм инсультқа қарсы гүресиў бойынша миллий бағдарлама иске қосылады.

Мәжилисте жасырын экономиканы қысқартыў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, жаслар менен мәнзилли ислесиў мәселелери де көрип шығылды.

Бас министрдиң орынбасарлары, ҳәкимлер ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есабаты тыңланды.