Мәмлекетимиз басшысы Түркменстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм мәмлекетлик жумысында жаңа табыслар тиледи.

Өзбекстан Президенти Түркмен халқының миллий жетекшиси, Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедовқа қызғын сәлемин жеткерди. Түркменстан Президенти, өз гезегинде, мәмлекетимиз басшысына Түркмен халқының миллий жетекшиси атынан ең жақсы тилеклерин билдирди.

Сөйлесиўде Өзбекстан - Түркменстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Товар алмасыў турақлы артып атырғаны, энергетика, транспорт ҳәм басқа да әҳмийетли тараўларда кооперация жойбарлары әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

“Шават – Ташаўыз” қоспа саўда зонасының нәтийжели жумысын тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына ҳәм Түркменстандағы ҒМДА саммитине таярлық көриў шеңберинде регионаллық күн тәртибиниң айырым мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Сөзиниң жуўмағында мәмлекетимиз жетекшиси дос Түркменстан Президенти ҳәм халқын жақынласып киятырған миллий байрам - Ғәрезсизлик күни менен қутлықлады.