Энергетиканы раўажландырыў экономикалық өсиў, инвестициялық белсендилик
ҳәм халықтың абаданлығын тәмийинлеўдиң әҳмийетли факторларынан бири болып
есапланады.
Кейинги жылларда тараўға жеке меншик сектор ҳәм сырт ел инвесторларының
капиталы жедел тартылмақта, жаңа генерация қуўатлықларын жаратыў, қайта
тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў ҳәм тармақларды модернизациялаў
бойынша ири жойбарлар әмелге асырылды. Реформалар нәтийжесинде қуяш ҳәм самал
электр станцияларының улыўма қуўатлылығы 6,3 гигаватттан асты. Гидроэлектр
станцияларының саны 100 ден асты, улыўма қуўатлылығы болса 2,5 гигаваттқа
шамаласты. Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыўды кеңейтиў есабынан
ҳәр жылы салмақлы муғдарда тәбийғый газ үнемленбекте.
2030-жылға барып
мәмлекет экономикасының көлемин 300 миллиард долларға жеткериў, халықтың санын
41 миллионнан арттырыў мақсет етилген. Бир ғана санаатта электр энергиясынан
пайдаланыў 2030-жылға барып 38 миллиард киловатт-сааттан 53,5 миллиард
киловатт-саатқа артыўы прогноз етилмекте. Электр транспорты ҳәм дата-орайлардың
раўажланыўы да энергетика системасына қосымша жүк түсиреди.
Усы мүнәсибет
пенен генерация қуўатлықларын талап артыўынан алдын раўажландырыў, электр
тармақларының өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў ҳәм жетерли резерв қуўатлықларды
қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Режеге бола,
мәмлекетимизде генерация қуўатлықлары 2030-жылға барып 46,1 гигаваттқа
жеткериледи ҳәм жылына дерлик 129 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарыў
имканияты жаратылады. 2035-жылға барып болса, қуўатлылықларды 57,2 гигаваттқа,
жыллық электр ислеп шығарыўды 154,7 миллиард киловатт саатқа жеткериў нәзерде
тутылған.
Презентацияда
электр энергиясынан пайдаланыўдың өсиўи бойынша ҳәр қыйлы сценарийлер көрип
шығылды.
Есап-санақларға
бола, 2030-жылға шекем тутыныўдың орташа өсиўи менен генерация көлемлери ҳәм
талап арасында зәрүр тең салмақлылық сақланып қалады. Бирақ экономика, санаат,
электр транспорты ҳәм санлы инфраструктураның раўажланыўы жеделлессе, қосымша
генерация қуўатлықларына талап пайда болады.
Мәмлекетимиз
басшысы энергетика тараўындағы режелерди экономиканың жоқары өсиў пәтлерин
есапқа алған ҳалда қәлиплестириў, жетерли резерв қуўатлықларға турақлы ийе
болыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Соннан келип
шығып, қосымша самал электр станциялары ҳәм энергияны сақлаў системаларын
қурыў, қуяш ҳәм самал энергетикасы тараўындағы жойбарларды жеделлестириў
бойынша усыныслар көрип шығылды.
Соның менен
бирге, экономикалық нәтийжелилиги төмен, анық қаржыландырыў дәреклерине ийе
болмаған ямаса әмелге асырыў мүддетлери созылып кеткен бир қатар жойбарларды
қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди. Жаңа генерациялаўшы қуўатлықларды
таңлаўда тек ғана олардың қуўатлылығы емес, ал ислеп шығарылып атырған электр
энергиясының өзине түсер баҳасы, тармаққа жалғаныў имканияты, энергияны сақлаў
системаларына сәйкеслиги ҳәм улыўма энергия балансына тәсири тийкарғы өлшем
болыўы керек.
Қайта тиклениўши
энергия дереклериниң үлеси артқан сайын, энергияны сақлаў системаларының әҳмийети
де артып бармақта.
Бундай системалар
қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен күндиз ислеп шығарылған электр
энергиясын топлаў ҳәм кешки пайдаланыў ўақтында тармаққа жеткерип бериў
имканиятын береди. Бул дәстүрий электр станцияларында қосымша газ жағыў
зәрүрлигин азайтады ҳәм улыўма энергетика системасының турақлылығын арттырады.
Ҳәзирги ўақытта
улыўма қуўатлылығы 4,2 гигаватт болған энергия сақлаў системаларын жаратыў
бойынша 26 жойбар қәлиплестирилген болып, олардың 17 си әмелге асырылмақта. Бул
бағдарда 2030-жылға шекем қосымша жойбарларды қәлиплестириў усыныс етилди.
Президентимиз
генерация қуўатлықларын арттырыў менен бирге, электр энергиясын тутыныўшыларға
жеткерип бериўди тәмийинлейтуғын магистраль тармақлар ҳәм подстанцияларды
алдыннан шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.
2030-жылға шекем
220 киловолтлы 9 ҳәм 500 киловолтлы 7 жаңа подстанция, дерлик 5 мың километр
жаңа электр тармақларын қурыў режелестирилген. Бул жаңа электр станцияларын энергетика
системасына жалғаў, аймақлар арасында энергия алмасыўын кеңейтиў имканиятын
береди.
Атап айтқанда,
2027-2029-жылларда бир қатар стратегиялық әҳмийетке ийе 500 киловолтлы электр
узатыў тармақларын ҳәм жаңа подстанцияларды пайдаланыўға тапсырыў нәзерде
тутылған. Презентацияда олардың қурылысы, қаржыландырыў мәселелери ҳәм
кешигиўлерди сапластырыў илажлары айрықша көрип шығылды.
Қарақалпақстанда
қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша үлкен потенциалдан
пайдаланған ҳалда санлы экономика ушын жаңа инфраструктура жаратыў мәселеси де
додаланды.
Ўәлаяттағы
перспективалы самал электр станцияларын қуўатлылығы 1 гигаваттлы дата-орайлар
менен байланыстырыў, жаңа подстанция ҳәм 220 киловолтлы электр тармақларын
қурыў усынысы билдирилди. Бул инфраструктура жаңа дата-орайларды энергетика
системасына интеграциялаў, жоқары технологиялық инвестицияларды тартыў ҳәм
аймақтың бар энергия потенциалынан нәтийжели пайдаланыў имканиятын береди.
Презентацияда
тараўда инвестициялық жойбарларды қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў системасын
түп-тийкарынан өзгертиў бойынша усынысларға айрықша итибар қаратылды.
Әмелиятта
көпшилик жағдайларда жойбар инвестор басламасы менен басланады. Жер ажыратыў,
тармаққа жалғаныў, техникалық шәртлер, тарифлер ҳәм инвестициялық келисимлер
ҳәр қыйлы уйымлар менен өз алдына келисип алынады. Бул болса процесслердиң
созылыўына, уйымлардың бир-бирин тәкирарлаўына, айырым жойбарларда энергетика
системасының талаплары жетерли дәрежеде есапқа алынбай атырғанына себеп
болмақта.
Бул бағдарда
басқарыўдың жаңа модели усыныс етилди.
Буннан былай энергетика
жойбарлары, бәринен бурын, экономика, халық ҳәм аймақлардың перспективалы
талапларынан келип шығып қәлиплестириледи. Дәслеп талап анықланады, кейин зәрүр
генерация қуўатлықлары ҳәм инфраструктура объектлери режелестириледи. Жойбар
алдыннан белгиленген жер участкасы, тармаққа жалғаныў ноқаты ҳәм техникалық
шешимлер менен қәлиплестирилип, инвестор ашық-айдын таңлаў тийкарында
анықланады.
Сондай-ақ, ҳәр
бир уйымның ўазыйпалары ҳәм жуўапкершилик аймақлары анық белгиленеди. Талап
прогнозы Экономика ҳәм қаржы министрлиги тәрепинен, стратегиялық режелестириў
ҳәм техникалық сиясат Энергетика министрлиги тәрепинен, базар қатнасықлары ҳәм
тарифлер Энергетика базарын раўажландырыў ҳәм тәртипке салыў агентлиги
тәрепинен қәлиплестириледи. Инвестиция тараўына жуўапкер уйымлар инвесторларды
ашық таңлаў тийкарында тартады, жергиликли ҳәкимликлер жер ҳәм зәрүр
инфраструктура мәселелерин шешеди.
Сондай-ақ,
аймақлар ҳәм тармақлар кесиминде энергия ресурсларына болған талаптың анық
прогнозын қәлиплестириў ҳәм сол тийкарда ҳәр жылы жаңаланатуғын үш жыллық
инвестициялық режелерди қабыл етиў усыныс етилди. Бул генерациялаўшы
қуўатлықлар, электр тармақлары ҳәм зәрүр инфраструктураны раўажландырыўды
алдыннан ҳәм келисилген ҳалда режелестириў имканиятын береди.
Узақ мүддетли
келешекте 2050-жылға шекем жанылғы-энергетика ресурслары менен тәмийинлеў
концепциясын ислеп шығыў нәзерде тутылған. Онда миллий ресурс потенциалы,
демографиялық ҳәм экономикалық өсиў, энергия нәтийжелилигин арттырыў, қайта
тиклениўши ҳәм атом энергетикасын раўажландырыў, энергетикалық қәўипсизликти
тәмийинлеў мәселелери комплексли есапқа алынады. Концепцияны ҳәр бес жылда
қайта көрип шығыў усыныс етилмекте.
Мәмлекетимиз
басшысы энергетика тараўындағы ҳәр бир жаңа жойбар экономика ҳәм халықтың узақ
мүддетли талапларына жуўап бериўи, өндирис, тармақтағы жүклеме ҳәм тутыныў
арасында турақлы тең салмақлылықты тәмийинлеў зәрүр екенлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге
әмелге асырылып атырған ири жойбарлардың өз ўақтында иске қосылыўын тәмийинлеў,
мүддети кешиккен жойбарлар бойынша инвесторлар менен бирге анық илажлар көриў,
генерация қуўатлықлары ҳәм электр тармақларын турақлы раўажландырыў, энергияны
сақлаў системаларын кеңейтиў, тараўда жаңа режелестириў ҳәм басқарыў моделин
енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.