Кейинги жылларда кәмбағаллықты қысқартыў, халықты дәрамат дәреги менен тәмийинлеў, мәҳәлледе экономикалық имканиятларды кеңейтиў мәселелери мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Усы мақсетте аймақларға кең ўәкилликлер, қаржы ресурслары ҳәм инфраструктура имканиятлары берилип, ҳәр бир шаңарақ пенен мәнзилли ислесиў системасы жолға қойылды.

Нәтийжеде кәмбағаллық дәрежеси жыл басында 5,8 процент болған болса, бүгинги күнде 3,9 процентке түсти. Жәрдемге мүтәж халық саны 2 миллион 200 мыңнан 1,5 миллионға қысқарды. Жумыс дурыс шөлкемлестирилген 49 район ҳәм 3 мың 429 мәҳәлле жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықтан жырақ аймаққа айланбақта.

Соның менен бирге, аймақлар кесиминде нәтийжелер ҳәр қыйлы екени атап өтилди.

Кейинги үш жылда мәҳәллелердеги исбилерменлик жойбарларына 314 триллион сум ресурс ажыратылған. Таллаўлар тийкарында ажыратылған қаржылардың муғдары бирдей болыўына қарамастан, кәмбағаллықты қысқартыў нәтийжелилигинде аймақлар арасында сезилерли айырмашылықлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Мәселен, Шараф Рашидов ҳәм Қаршы районларына 2 триллион 300 миллиард сумнан кредит ресурслары ажыратылды. Бул қаржылар есабынан Шараф Рашидов районында 30 мың, Қаршы районында 13 мың жәрдемге мүтәж халықтың турмыс шараяты жақсыланған.

Усы мүнәсибет пенен буннан былай кредит қаржыларының ажыратылыўына ақырғы нәтийже сыпатында қаралмайтуғыны, ҳәр бир жойбардың нәтийжелилиги жаратылған турақлы жумыс орынлары ҳәм турақлы дәрамат дәрегине ийе болған шаңарақлардың санына қарап баҳаланатуғыны белгиленди.

Мәжилисте орынларда нәтийжелерге ерисиўге тосқынлық етип атырған факторлар да талланды. Атап айтқанда, барлық ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлери бизнес жойбарларды қәлиплестириў, қаржы қуралларын дурыс таңлаў, исбилермен менен биргеликте идеяны қәлиплестириўден баслап, бизнести жолға қойыўға шекем ислесиў бойынша зәрүр көнликпелерге ийе емеслиги атап өтилди.

Кейинги бир жылда аймақларда шөлкемлестирилген 86 мың киши кәрханадан 15 мыңы өз жумысын тоқтатқан. Банктен кредит алған, бирақ турақлы бизнести жолға қоя алмаған 62 мың пуқара оларды қайтарыўда қыйыншылық көрмекте.

Сол себепли халық ҳәм исбилерменлерге тек ғана қаржы ресурсларын емес, ал саўда, технология, кәсиплик шеберлик, бизнес-режелестириў ҳәм сатыў шынжырын қәлиплестириў мәселелерин қамтып алған комплексли шешимлерди усыныў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Хорезм ўәлаятында өткерилген үйрениўлер мысал сыпатында келтирилген. Президентимиздиң тапсырмасына муўапық, экономикалық комплекс басшылары еки ҳәпте даўамында ўәлаяттағы 81 мың кем тәмийинленген халықтың - 19 мың шаңарақтың турмыс шараятын үйренди. Бул шаңарақларда 12 мың жумыссыз, 10 мың дәраматы төмен пуқаралар анықланған.

Соның менен бирге, Хорезм ўәлаяты исбилерменлери қурылыс тараўына 4 мың, хызметлер ушын 3 мың, санаат ушын 2,5 мың жумысшы излемекте. Бар жумыс орынларын кәсип-өнерге оқытыў имканиятлары менен байланыстырыў арқалы кем тәмийинленген шаңарақлардағы 10-15 мың халықтың дәраматын арттырыў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, үйренилген кем тәмийинленген шаңарақларда 48 мың бала тәрбияланып атырғаны, оларды кәсип-өнер ҳәм заманагөй көнликпелерге бағдарлаў әҳмийетли екени атап өтилди. Жаслар жетекшилери, ҳәким жәрдемшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилерине бундай шаңарақлардың перзентлери ушын мектеп, техникум ҳәм оқыў орайларында қосымша дөгереклер шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.

Хорезм ўәлаятында кем тәмийинленген шаңарақлардың 10 мыңнан аслам ҳаял-қызлары бала тәрбиясы менен бәнт. Сол себепли олардың үйинде ямаса мәҳәлледе дәраматлы жумыс пенен бәнт болыў имканиятын кеңейтиў, мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў арқалы мийнет базарына қайтыўы ушын шараят жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Хорезм ўәлаятындағы таллаў ҳәм жуўмақлар барлық аймақларға тийисли екени атап өтилип, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша принципиаллық жақтан жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.

Буннан былай ҳәр бир ўәлаят ҳәм ҳәр бир районда ҳәким басшылығында арнаўлы штаблар шөлкемлестириледи. Банклер, бәнтлик уйымлары ҳәм экономикалық комплекстиң басқа да шөлкемлери бул штаблар менен биргеликте халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў мәселелерин тиккелей орынларда шешеди.

Ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери өзиниң экономикалық комплекси менен ҳәптениң үш күнин тиккелей кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў мәселелерине бағышлайды.

Қаржы ресурслары ҳәм қарар қабыл етиў ўәкилликлериниң үлкен бөлеги районлар дәрежесине өткерилиўи жаңа системаның әҳмийетли өзгешелиги болады. Шаңарақлық ҳәм жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ушын жеңиллетилген кредит ресурсларын басқарыў ўәкиллиги районлық штабларға өткериледи.

Ҳәзирги ўақытта шаңарақлық исбилерменлик ушын 1 триллион 370 миллиард сум, жаслар исбилерменлиги ушын 450 миллиард сум ресурслар бар. Районлық штаблар жергиликли шараятлар ҳәм анық жойбардың өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда, кимге ҳәм қанша муғдарда кредит бериў, сондай-ақ, кредит бериў мүддетин белгилеў ҳәм төлемлер графикин бизнестиң өзине тән өзгешеликлерине бейимлестириў имканиятына ийе болады.

Кредит, лизинг, факторинг, гиреў, қамсызландырыў, айланба қаржыларды қаржыландырыў ҳәм басқа да финанслық қураллар анық исбилерменлик жойбарының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда қолланылады. Аўыл хожалығы, саўда, хызмет көрсетиў ҳәм басқа да бағдарларда дәраматты қәлиплестириў мүддетлери ҳәр қыйлы болғаны себепли қаржыландырыў шәртлери де сәйкес болыўы керек екенлиги атап өтилди.

Кооперация тийкарындағы жойбарлар ушын қосымша имканиятлар жаратылады. Исбилермен-лидер 10 шаңарақ пенен кооперацияны жолға қойса, 500 миллион сумға шекем, 100 шаңарақ пенен кооперацияны жолға қойса, 5 миллиард сумға шекем гиреўсиз кредит алыў имканиятына ийе болады.

Кредит тарийхында мүддети өткен мүтәж пуқаралардың басламалары да индивидуал тәртипте баҳаланады. Перспективалы жойбарларды жеңилликли қаржыландырыў имканияты жаратылады.

Кәмбағаллықты қысқартыў қорынан 240 миллиард сум, Бәнтлик қорынан 100 миллиард сум ҳәм үш "Дәптер" шеңберинде нәзерде тутылған 760 миллиард сум қаржы районлық штаблардың ықтыярына өткериледи. Компания тәрепинен жылдың ақырына шекем компенсация төлемлери ушын нәзерде тутылған 300 миллиард сумлық исбилерменликти раўажландырыў ресурслары да усы штаблар арқалы қаратылады.

Яғный, жәми 3 триллион 200 миллиард сум ресурслар районлар қарамағына өткерилип, бул қаржылардан анық нәтийже алыў тийкарғы норма етип белгиленеди.

Қаржыландырыў механизмлерин экономиканың жедел өзгерислерине бейимлестириўге де жаңаша қатнас енгизиледи. Экономика ҳәм қаржы министрлиги ҳәм Орайлық банк ҳәр шеректе аймақлардың потенциалы, бизнес ушын шараятлар ҳәм базар талапларын есапқа алған ҳалда кредитлеў, субсидия ҳәм компенсация механизмлерин жетилистирип барады.

Соның менен бирге, мәҳәллелердеги ҳәким жәрдемшилери ҳәм банкирлердиң потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылады. 8 мың 992 мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилериниң жумысы нәтийжелилик ҳәм интакерлик өлшемлери тийкарында қайта баҳаланады.

Еки ай мүддетте арнаўлы оқыў орайы шөлкемлестирилип, оған сырт елли қәнигелер тартылады. Ҳәким жәрдемшилери ҳәм мәҳәлле банкирлери жойбар таярлаў, бизнес моделин есаплаў, қаржыландырыў қуралларын таңлаў, исбилерменлер менен ислесиў бойынша оқытылады. Ең жақсы нәтийже көрсеткен қәнигелерди Қытай, Япония ҳәм Түркияға тәжирийбе арттырыўға жибериў, үлгили хызметкерлерди қосымша хошаметлеў бойынша қарар қабыл етилди.

Мәжилисте исбилерменлик инфраструктурасын раўажландырыў системасына да итибар қаратылды. Буннан былай районлар исбилерменлик инфраструктурасы жойбарларының тиккелей буйыртпашысына айланады ҳәм зәрүр қаржылар тиккелей орынларға қаратылады. Сондай-ақ, районлық штабларға жойбарластырыў, қурыў ҳәм сапа қадағалаўын жеке меншик секторға бериў ҳуқықы бериледи.

Кәмбағаллықты қысқартыў сиясатында социаллық қорғаў механизмлери де жаңаша қатнас тийкарында жетилистириледи. Социаллық қорғаў миллий агентлигине жыл ақырына шекем жәрдемге мүтәж пуқараларды Социаллық реестрге киргизиў нормальарын қайта көрип шығыў ўазыйпасы қойылды.

Тек ғана шаңарақтың дәраматы емес, ал созылмалы кеселлиги, майыплығы, көп перзентлилиги, сырт елде жумыс ислеп атырған шаңарақ ағзалары ҳәм басқа да социаллық факторларды есапқа алатуғын көп өлшемли баҳалаў системасына өтиў нәзерде тутылған.

Мәмлекет бойынша кәмбағаллық дәрежеси 3,9 процентке азайған болса да, үш жасқа шекемги баласы бар шаңарақлар арасында бул көрсеткиш орташа 6,5 процентти қурамақта. Соның ушын перзент тәрбиясы менен шуғылланып атырған ата-анаға өз үйинде ямаса тиккелей мәҳәлледе жумыс ислеў ҳәм турақлы дәрамат табыў имканиятын беретуғын система енгизиледи.

Жумыс ислейтуғын аналарға перзенти бир жасқа толғанға шекем Социаллық қамсызландырыў қорынан напақа төленеди. Мийнетке жарамсыз мүтәж шаңарақларға болса пассив дәрамат дәрегин жаратыўшы социаллық пакетлер бериў әмелияты даўам еттириледи. Усы мақсетте быйылғы жылы 300 миллиард сум ажыратылып, бундай жәрдемге мүтәж 11 мың шаңарақтың дерлик ярымы дәраматын сезилерли арттырғаны атап өтилди.

Келеси жылдан баслап "Социаллық реестр"ге кирген шаңарақлардың перзентлерине мәмлекетлик ҳәм жеке меншик бақшаларға барыў, оқыў орайларында оқыў, жәмийетлик транспорт қәрежетлери және жоқары оқыў орынларының жатақханаларында жасаў қәрежетлери ваучер тийкарында қаплап бериледи. Ваучер 12 ай мүддетке бериледи ҳәм шаңарақ Социаллық реестрден шығарылғаннан кейин де әмел етеди.

Мәжилисте аймақлар басшыларына жылдың ақырына шекем 350 мың халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, және 1 миллион халықтың дәраматларын арттырыў, 230 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.

Ҳәр бир бағдар бойынша анық механизм ҳәм ҳәрекетлер алгоритмин ислеп шығыў, мәҳәлле дәрежесине шекем жуўапкерлерди белгилеў бойынша тапсырмалар берилди. Халық пенен тиккелей ислесетуғын хызметкерлер ушын кәмбағаллықты қысқартыў бойынша үлкен әмелий тәжирийбе топлаған мәмлекетлер, соның ишинде, Қытайдың көзқарасларын есапқа алған ҳалда анық көрсетпелер таярланады.

Жаңа системада тийкарғы жуўапкершилик ҳәм ресурслар орынларға өткериледи. Мәҳәлледеги ҳәр бир имканиятты жумыс орны ҳәм дәрамат дәрегине айландырыў, ҳәр бир жәрдемге мүтәж шаңарақтың шараяты ҳәм имканиятларынан келип шығып, олар менен индивидуал ислесиў тийкарғы ўазыйпа болады.

Мәжилис жуўмағында жуўапкерлер ҳәм аймақлар басшыларының мәлимлемелери тыңланды, белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жумысларды системалы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.