Президент Шавкат Мирзиёев Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплексине барып, Биринши Президентимиздиң естелигине гүл қойды.

Ислам Кәримов елимиз тарийхының оғада қурамалы ҳәм жуўапкершиликли дәўиринде Өзбекстанға басшылық етти. Оның аты ғәрезсизликтиң қолға киргизилиўи, миллий мәмлекетшилигимиздиң тиклениўи ҳәм елимиздиң ғәрезсиз раўажланыў жолына шығыўы менен үзликсиз байланыслы.

Ғәрезсизлик, бәринен бурын, бизге даңқымызды, муқаддес динимизди, ана тилимизди, умытылып баратырған миллий қәдириятларымызды қайтарып берди.

Ғәрезсизлик себепли биз өзлигимизди аңладық, аты ҳәмийше ҳүрметте болған ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары екенимизди пүткил дүньяға көрсеттик.

Усы мәнисте, ғәрезсизлигимиздиң тырнағын жаратыўға, елимиздиң тынышлығын ҳәм турақлылығын тәмийинлеўге, халқымыздың абаданлығы жолында хызмет етиўге үлкен үлес қосқан инсанлардың естелигин қәдирлеў әҳмийетли руўхый қәдирият болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң итибары менен Биринши Президентимиздиң естелигин мәңгилестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Ташкентте Ислам Кәримов атындағы илимий-ағартыўшылық естелик комплекси шөлкемлестирилди. Самарқандқа сапар етиў ўақтында оның мақбарасын зыярат етиў жақсы дәстүрге айланды.

Мәресимде Қуран оқылып, пәтия етилди. Ислам Кәримовтың елимиздиң ғәрезсизлигин, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, халықтың абаданлығын арттырыў жолындағы хызметлери еске алынды.

Олий Мажлис палаталары, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, зыялылар ҳәм Ташкент қаласы жәмийетшилиги де Биринши Президентимиздиң естелигине гүллер қойды.

Еслеў илажлары Самарқанд ҳәм Қаршы қалаларында да болып өтти.