Бул жумыслар шеңберинде «Bunyod
yo‘lovchi tashish» ЖШЖ тәрепинен 30 ZHONGTONG маркалы заманагөй автобуслар сатып алынып,
Хорезм ўәлаятына жеткерип берилди.
Солай етип, усы жылдың өткен дәўиринде ўәлаятқа 90 жаңа автобус алып келинди.
Жақын күнлерде жаңа ҳәрекетлениўши қурам Үргенш қала ишиндеги автобус
жөнелислерине брутто-шәртнама тийкарында алып шығылыўы күтилмекте.
Заманагөй автобуслардың жөнелислерге шығыўы жолаўшы тасыўдың қолайлығы
ҳәм қәўипсизлигин арттырыў, халыққа транспорт хызметин көрсетиўдиң сапасын
жақсылаў, жәмийетлик транспорт системасының нәтийжелилигин арттырыў имканиятын
береди.