Бул Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 12-октябрьдеги "Транспорт-логистика системасын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында белгиленген.
Ҳүжжетке бола, 2026-2030-жыллары транспорт-логистика системасын раўажландырыў бойынша бир қатар мақсетли көрсеткишлерге ерисиў нәзерде тутылған. Соның ишинде, транспорт ҳәм логистика хызметлериниң экспортын 3,5 миллиард АҚШ долларына, республика аймағы арқалы транзит жүк тасыў көлемин болса 18,5 миллион тоннаға жеткериў белгиленген.
Сондай-ақ, мәмлекетлик шегара арқалы өткериў пунктлериниң жүк тасыў қәбилети ҳәм транспорт-логистика орайларында контейнерлерди қайта ислеў қуўатлылығы еки есеге арттырылады.
Қарарға муўапық, Әндижан ўәлаятының Ханабад қаласы, Бухара ўәлаятының Олот районы, Сурхандәрья ўәлаятының Термиз районы және Ташкент ўәлаятының Янгийўл ҳәм Аҳангаран районлары транспорт-логистика тараўына қәнигелестириледи.
Транспорт-логистика орайларында терминалларды басқарыў (TOS) ҳәм қоймаханаларды басқарыў (WMS) системалары енгизиледи. Олар 2030-жылдың ақырына шекем Транспорт министрлигиниң «E-logistika» платформасына жалғанады.
Қарарда транспорт-логистика орайлары ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери де нәзерде тутылған.
Соның ишинде, белгиленген талапларға жуўап беретуғын орайлар 2040-жылға шекем жер салығы ҳәм мүлк салығынан толық азат етиледи. Буның ушын орай ЭСКАТОның қурғақлық портлары ҳаққындағы келисимине киргизилген болыўы, тийисли системаларды енгизген ҳәм «E-logistika» платформасында "ВВ" ҳәм оннан жоқары рейтингке ийе болыўы шәрт.
Транспорт-логистика орайлары реестрине киргизилген орайлар ушын 2029-жыл 1-августқа шекем республикада ислеп шығарылмайтуғын қоймахана үскенелери, жүк артыў-түсириў техникасы, агрегатлар ҳәм аўысық бөлеклерди алып кириўде бажыхана бажысы ҳәм мәжбүрий сертификатлаў бойынша жеңилликлер бериледи.
Буннан тысқары, 2026-жыл 1-ноябрьден халықаралық курьерлик жөнелтпелерин бажыхана рәсмийлестириўинен өткергени ушын әмелдеги бажыхана жыйымы ставкасы 20 процентке азайтылады.
Қарарға бола, 2027-жыл 31-декабрьге шекем М₂, М₃ ҳәм N категориядағы транспорт қуралларын ислеп шығарыўшы кәрханалар республикада ислеп шығарылмайтуғын компонентлерди бажыхана бажысын төлеместен импорт етиўи мүмкин.