Фестивал қатнасыўшылары еки күн даўамында Хорезмниң бай гастрономиялық мийрасы, әййемги рецептлери ҳәм дәстүрий миллий тағамлары менен танысыўы мүмкин. Илаж шеңберинде 20 дан аслам Хорезм миллий тағамлары, сондай-ақ, дүньяның түрли мәмлекетлериниң 10 ға шамалас миллий тағамлары таярланады.

Фестиваль мийманларына Хорезм тағамлары – мәйек бөрек, көк бөрек, қабақ бөрек, шивит палаўы, манты, гумма, ийжан, гөшли қуўырма, димлеме, қазан-кабаб, баўыр-кабаб, тунча-сорпа, мәшаба, пәтир, баўырсақ, қатлама ҳәм басқа да дәстүрий тағамлар усынылады.

Сондай-ақ, Түркия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Әзербайжан, Грузия, Ҳиндстан, Қытай, Қубла Корея ҳәм Италияның миллий тағамлары да көрсетиледи.

Фестиваль шеңберинде гастрономиялық таңлаўлар өткерилип, жеңимпазлар баҳалы саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Фестиваль Хорезмниң миллий гастрономиялық мийрасын кеңнен үгит-нәсиятлаў, аймақтың гастрономиялық туризм потенциалын көрсетиў, сондай-ақ, түрли халықлардың тағамлары ҳәм мәдений дәстүрлерин бирлестиретуғын халықаралық майданды жаратыўға қаратылған.