Мәмлекетимиз басшысы Россия жетекшисин Мәмлекетлик Думаға сайлаў табыслы өткерилгени менен қызғын қутлықлап, парламенттиң жаңа қурамының жумысына нәтийжели жумыс тиледи.

Сөйлесиўде жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Россия стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Аймақлар кеңесиниң гезектеги мәжилислери, сондай-ақ, Россияда Өзбекстан мәденият күнлерин нәтийжели өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Тәреплер болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де көрип шықты.