Мәмлекетимиз басшысы миллий экономикамыздың жоқары өсиў пәтлерин есапқа алған ҳалда транспорт системасын раўажландырыў, тараўға инвестициялар ҳәм заманагөй технологияларды кеңнен тартыў, бул процессте жеке меншик сектордың қатнасын және де кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Ушырасыўда транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, тармақта исбилерменлик жумысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, Өзбекстанның халықаралық транспорт коридорларына интеграциясын тереңлестириў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Соңғы он жылда жол тараўын раўажландырыўға 80 триллион сум қаржы ажыратылып, 7 мың километр жол реконструкцияланған, 125 мың километр жол оңланған. Ҳәзирги ўақытта тараўға 20 миллиард доллар инвестиция тартыў имканияты бар.

Соның ишинде, улыўма баҳасы 5,6 миллиард доллар болған 593 километр төлемли автомобиль жолларын қурыў бойынша 5 ири жойбар әмелге асырылмақта.

Автомобиль жоллары ҳәм көпирлер қурылысына жергиликли исбилерменлерди және де кеңнен тартыў ушын да жаңа имканиятлар жаратылады. Ҳәзирги күнге шекем аймақларда 4 миллиард долларлық 131 жойбар қәлиплестирилген. Бул жойбарлар автомобиль жолларын қурыў, сақлаў ҳәм басқарыў бойлап саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин жайластырыў ҳуқықы менен инвесторларға усыныс етиледи.

Халықаралық финанс институтлары менен биргеликте 6,5 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта. Президентимиз сырт елли шериклерге халықаралық дәрежедеги ири инфраструктуралық жойбарларға жергиликли қәнигелерди тартыў, сондай-ақ, жергиликли компанияларды сырт ел тендерлеринде қатнасыўға таярлаў бойынша қоспа бағдарлама ислеп шығыўды усыныс етти.

Автомобиль жолларын қурыўда сапа ҳәм экономикалық нәтийжелиликти тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги айрықша атап өтилди.

- Бизге бүгин арзан болып, ертең және бюджет қәрежетлерин талап ететуғын жоллар емес, ал узақ жыллар хызмет ететуғын сапалы жоллар керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Усы мақсетте жол қурылысы стандартларына полимер-битум материаллар ҳәм геотекстил технологияларын енгизиў, келеси жылдан халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолларын қурыў ҳәм реконструкциялаўда буны мәжбүрий талап етип қойыў ўазыйпасы қойылды.

Темир жол тармағының өткериў қәбилетин арттырыў ҳәм инфраструктураны жүк тасыўдың перспективалы көлемине бейимлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

"Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" темир жолының пайдаланыўға тапсырылыўы менен жүк тасыў көлеми 10 есеге артып, жылына 15-16 миллион тоннаға жетиўи күтилмекте. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде 545 километр жаңа темир жол қурыў, электрлестирилген темир жоллардың үлесин 65 процентке жеткериў режелестирилген.

Ангрен – Поп ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарлардағы темир жол линияларын модернизациялаў, Ташкент – Самарқанд участкасында айрықша тезжүрер темир жолын қурыў нәзерде тутылған. Мәмлекетимиз басшысы халықаралық финанс шөлкемлери ҳәм инвесторларды усы жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислесиўге шақырды. Олардың улыўма баҳасы 8 миллиард долларды қурайды.

Жүк вагонлары паркин ҳәр жылы 5-6 мыңға арттырып барыў ушын исбилерменлерге темир жол инфраструктурасынан пайдаланыўда салық жеңилликлери ҳәм шегирмелер бериледи. Келеси жылдан баслап тараўда басқышпа-басқыш жаңа тариф сиясаты енгизиледи ҳәм тасыўлардың баҳасын қәлиплестириўдиң ашық-айдын системасы жолға қойылады.

Өзбекстан Шығыс ҳәм Батыс, Арқа ҳәм Қубланы байланыстыратуғын қурғақлықтағы ири портқа айланыў ушын барлық имканиятларға ийе екени атап өтилди.

Жуўапкерлерге Орта коридор имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, сырт елли шериклер менен электрон жүк ҳүжжетлерин өз-ара тән алыў бойынша келисимлерди келисиўди жуўмақлаў, Өзбекстанды дүньяның ири теңиз портлары менен байланыстыратуғын блок-поезлардың қатнаўын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Келеси он жылда мәмлекетимиздиң логистика қуўатлылығын 80 миллион тоннаға жеткериў мақсет етилген. Оның ушын инвесторлар менен биргеликте улыўма баҳасы 1,6 миллиард доллар болған 9 ири логистика орайын қурыў режелестирилген.

Сондай-ақ, авиация тараўына жеке меншик инвестицияларды тартыў, базар қатнасыўшылары ушын қолайлы экономикалық шараятлар жаратыў бойынша жаңа басламалар алға қойылды.

Кейинги жыллары елимизде аэропортлардың саны 18 ге жетти. Усы жылы ҳаўа транспортында жолаўшы тасыў көлеми 17 миллион адамды қураўы күтилмекте. Жақын жылларда бул көрсеткишти 25 миллионға жеткериў мақсет етилген.

Сырт елли бирге ислесиўшилердиң қатнасыўында қурылып атырған жаңа халықаралық аэропортқа тутас аймақта «Aerocity» көп тармақлы комплекси шөлкемлестириледи. Жойбардың баҳасы 5 миллиард долларға баҳаланбақта. Ол логистика ҳәм электрон коммерция орайлары, саўда комплекслери, мийманханалар ҳәм турақ жай инфраструктурасын бирден-бир экосистемаға бирлестиреди.

Жергиликли авиакомпаниялардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ушын авиация жанылғысының баҳасын дүньядағы орташа баҳаларға байланыстырыў, жанылғы ҳәм аўысық бөлеклерди импорт етиў, ҳаўа кемелерин ижараға алыўда қосымша салық ҳәм бажыхана жеңилликлерин енгизиў нәзерде тутылған. Жергиликли ушыўшыларды таярлаў ҳәм жумысқа орналастырыў миннетлемелерин өз мойнына алған авиакомпанияларға айрықша жеңилликлер бериледи.

Жаратылып атырған шараятларды есапқа алып, 2030-жылға шекем ҳаўа кемелериниң паркин кеминде 250 ге жеткериў ўазыйпасы қойылды. Халықаралық аэропортлар инфраструктурасын раўажландырыўды хошаметлеў мақсетинде олар 2030-жылға шекем мүлк ҳәм жер салықларынан азат етиледи.

Президентимиз Жаңа Ташкент қаласында заманагөй кампус, оқыў-симуляциялық ҳәм илимий-изертлеў орайларына ийе Өзбекстан халықаралық пуқаралық авиациясы университетин шөлкемлестириў басламасын алға қойды.

Ушырасыўда халыққа қолайлы ҳәм сапалы жәмийетлик транспорт хызметин көрсетиў мәселелери де додаланды.

Кейинги үш жылда исбилерменлер тәрепинен 3 мың 500 ден аслам заманагөй автобус алып келинип, 330 жөнелис жаңа системаға өткерилген. Нәтийжеде күнлик жолаўшы ағымы пайтахтта 2 есеге, аймақларда 2,5 есеге артты.

Енди пайтахтымызды агломерация менен байланыстыратуғын 20 километрге шекемги автобус жөнелислерин толық брутто-шәртнама системасына өткериў режелестирилген. Автобус парклерин қурып атырған исбилерменлер ушын салық жеңилликлери белгиленеди ҳәм шетки аймақларда транспорт хызметлерин шөлкемлестириўди қаржыландырыўдың жаңа механизми ислеп шығылады.

Ташкент метрополитенинде жолаўшылар ағымының өсип баратырғанын есапқа алып, келеси еки жылда 28 бес вагонлы поезд сатып алыў, 4 вагоннан ибарат 40 поезддағы вагонларды бесеўге жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Президентимиз инвестор ҳәм исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесип, тараўды раўажландырыў, машқалаларды сапластырыў ҳәм перспективалы жойбарларды әмелге асырыў бойынша пикир-усынысларын тыңлады.