"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, дем алыс күнлери республикамыздың барлық аймақларында жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
Өткен оғада ыссы дәўирден кейин ҳаўаның температурасы ноябрь айының ақыры ушын нормал болған дәрежеге шекем төменлейди. Ҳаўаның температурасы тийкарынан түнде 3-8гр жыллы, күндиз 10-15гр жыллы, қублада 17-20гр жыллы.
Самалдың бағыты батыстан арқа-шығысқа өтип, 7-12 м/с тезликте еседи, арқада ҳәм Ферғана ойпатлығында 13-18 м/с қа шекем күшейиўи, айырым жерлерде 20-22 м/с қа шекем күшейиўи, шаң-тозаң менен өтиўи мүмкин.
Республиканың таўлы аймақларында 27-ноябрьде айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар), 28-29-ноябрьде жаўын-шашын болмайды.
Ташкентте: бүгин азанда қаланың айырым орынларында бираз жаўын жаўыўы мүмкин, күндиз жаўын-шашын болмайды. Температура 10-12° жыллы.
Шемби ҳәм екшемби күнлери жаўын-шашын болмайды. Түнде ҳәм азанда думан түсиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 4-6 градус жыллы, күндиз 13-15 градус жыллы. Самалдың бағыты арқа-шығыстан тезлиги 3-8м/с.