"Сурхан" мәмлекетлик қорықханасы (Өзбекстан) ҳәм "Койтендаг" қорықханасы (Түркменстан) аймақларын қамтып алған трансшегаралық тәбийғый объектти ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мийрасы дизимине киргизиў мақсетинде таярланған.
Дәслепки баҳалаў ушын дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен жәми 60 мүрәжат билдирилген. Белгиленген квота шеңберинде 35 арза таңлап алыныўы нәзерде тутылған "Кугитанг карст ландшафтлары, каньонлары ҳәм үңгирлери" номинациясы да таңлап алынды. Таңлаўдан табыслы өтиўи бул бийбаҳа тәбийғый объекттиң халықаралық көлемде тән алыныўы жолындағы әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Номинцияны көрип шығыўдың кейинги басқышында ЮНЕСКОның мәсләҳәт уйымлары менен биргеликте жумыслар даўам еттириледи. Онда зәрүр техникалық мәселелер келисип алынып, тийисли материаллар ҳәм мағлыўматлар усынылады.
Бул баслама Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасында тәбийғый мийрасты қорғаў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге, сондай-ақ, Кугитанг таў дизбегиниң бийбаҳа тәбийғый өзгешеликлери ҳәм биологиялық көп түрлилигин халықаралық көлемде үгит-нәсиятлаўға хызмет етеди.