Тәреплер Ташкентте ЮНЕСКО қәўендерлигинде шөлкемлестирилип атырған Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм билимлендириў мәселелери бойынша 2-категориялы регионаллық орайды иске қосыў мәселелерин додалады.

Орайды шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим 2026-жыл март айында Париж қаласында қол қойылған болып, оның жумысының ҳуқықый тийкарлары Министрлер Кабинетиниң 2026-жыл августтағы 446-санлы қарары менен белгиленген.

Орай Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм басқа да регионлар арасында киши жастағы балаларды раўажландырыў тараўында билим ҳәм тәжирийбе алмасыў ушын регионаллық майданға айланыўы күтилмекте.

Ушырасыўда Өзбекстанның мектепке шекемги билимлендириў тараўындағы жетискенликлери де атап өтилди. ЮНЕСКОның 2026-жыл ушын билимлендириў мониторинги бойынша Глобал есабатына бола, мәмлекетимизде мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў дәрежеси 78 процентке жеткен.

Буннан тысқары, тәреплер 2022-жылы Ташкент қаласында өткерилген Киши жастағы балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў мәселелери бойынша пүткил жер жүзилик конференция ҳәм оның жуўмақлары бойынша қабыл етилген Ташкент декларациясының бул тараўдағы халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдағы әҳмийетин атап өтти.