Сөйлесиўде өз-ара саўда көлемин арттырыў, мәмлекетимиз экономикасының тийкарғы тармақларына Канада инвестицияларын ҳәм алдынғы технологияларын тартыў мәселелерине итибар қаратылды.

Сондай-ақ, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы тиккелей байланысларды беккемлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Елшиниң ҳәрекетлери Өзбекстан - Канада қатнасықларын буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынына исеним билдирилди.