Халықаралық экономикалық қатнасықларды трансформациялаў, Евроазия өз-ара байланыслылығын раўажландырыў, өндирис кооперациясы, "жасыл" ҳәм санлы модернизация мәселелери додаланды.
"Евроазия экономикасы, жәмийети ҳәм мәденияты" тематикалық сессиясында СРИИ директорының орынбасары Бахтиёр Мустафаев баянат жасады. Оның атап өтиўинше, глобал өзгерислер шараятында Орайлық Азия әсте-ақырын транзит мәканы статусынан Евроазия өндирис ҳәм логистика шынжырларының бийғәрез қатнасыўшысы статусына өтпекте.
Эксперттиң пикиринше, регионаллық бирге ислесиўдиң жаңа пәти Қытай ҳәм басқа да евроазиялас шериклер менен бирге ислесиўди тереңлестириў ушын қолайлы шараятлар жаратпақта. Онда өз-ара саўданы көбейтиўден биргеликтеги инвестицияларға, өндиристи локализациялаў ҳәм технологиялар алмасыўына өтиў әҳмийетли.
Усы мүнәсибет пенен Б.Мустафоев экономикалық кооперацияның тийкарғы бағдарларын көрсетип өтти.
Бириншиден, транспорт-логистика байланыслылығын раўажландырыў. Евроазия базарларының өз-ара байланысын беккемлеўге, санаат байланыслары ушын қосымша имканиятлар жаратыўға уқыплы "Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан" темир жолының қурылысы айрықша әҳмийетке ийе. Соның менен бирге, бажыхана тәртиплерин жетилистириў ҳәм логистиканы санластырыў зәрүр.
Екиншиден, регионаллық қосымша қун шынжырларын қәлиплестириў. СРИИ ўәкилиниң пикиринше, Орайлық Азия мәмлекетлери ушын шийки зат моделинен қоспа өндирислерге, бәринен бурын, әҳмийетли минералларды қайта ислеў, электротехника, агроқайта ислеў ҳәм қайта тикленетуғын энергетика компонентлерин ислеп шығарыў тараўларында өтиў әҳмийетли. Онда регион мәмлекетлериниң бир-бирин толықтырып туратуғын санаат қәнигелесиўин раўажландырыў тийкарғы әҳмийетке ийе.
Үшиншиден, биргеликте "жасыл" ҳәм санлы модернизациялаў. Усы мәниде эксперт циркуляр экономиканы Орайлық Азия ҳәм Қытай бирге ислесиўиниң перспективалы векторы сыпатында көрсетип өтти.
Оның атап өтиўинше, Өзбекстанда шығындыларды қайта ислеўди алға қойыў ушын, соның ишинде, Қытай технологиялық компанияларының қатнасыўында тийкар жаратылмақта. Соның менен бирге, миллий базарлардың шекленгени регионымыздың ҳәр бир мәмлекетинде қурамалы шығындыларды қайта ислеўдиң толық циклин жолға қойыўды қыйынластырмақта.
Бундай шараятта мәмлекетлердиң екилемши шийки затты жыйнаў, сайлап алыў ҳәм терең қайта ислеўге қәнигелесиўин нәзерде тутатуғын трансшегаралық қайта ислеў шынжырларын қурыў перспективалы шешим болып есапланады. Бундай қатнас, әсиресе, ислетилип болынған аккумуляторлар, электрон үскенелер ҳәм қуяш панельлери ушын оғада әҳмийетли.
Б.Мустафоев инсан капиталын раўажландырыўға айрықша итибар қаратып, биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары, инженерлик стажировкалар ҳәм әмелий изертлеўлердиң әҳмийетин атап өтти.
Усы мәниде, эксперт Евроазия санаат шынжырларын кеңейтиў бойынша биргеликтеги күн тәртибин қәлиплестириў, "жасыл" санаат ҳәм айланба экономика тараўларындағы тәжирийбе жойбарларын ислеп шығыў, сондай-ақ, санлы логистика ҳәм заманагөй санаат технологиялары бойынша қәнигелер таярлаў бағдарламаларын күшейтиўди усыныс етти.