Сөйлесиўде Өзбекстан менен Қубла Корея арасында коррупцияға қарсы гүресиў, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, нызам үстинлигин беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды.

Ушырасыўда Чон Ил Ён Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў, нызам үстинлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик басқарыўда ашық-айдынлықты беккемлеў ҳәм санластырыў тараўларында әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалады.

Сондай-ақ, жуўапкер мәкемелер арасында қол қойылған меморандум шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Атап айтқанда, санлы технологиялардан нәтийжели пайдаланыў, мәмлекетлик хызметкерлерди оқытыў, коррупцияның алдын алыў бойынша өз-ара алдынғы тәжирийбе алмасыўға қаратылған өз алдына илажлар режесин ислеп шығыўға келисип алынды.