Журналист Өзбекстан ҳаққында онлаған мақалалар жазған. Оларда республика сиясаты, дүньядағы ҳаўазы ҳәм басламалары ҳаққында сөз болады.
Өзбекстан Журналистлер аўқамы делегациясының АҚШқа сапары шеңберинде мәмлекетимиздиң Вашингтон қаласындағы елшиханасында журналистке усы сыйлық тапсырылды. Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы мәресимде Өзбекстан Республикасының АҚШтағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Фурқат Сидиқов, сырт мәмлекетлердиң дипломатлары, жәмийечилик ҳәм эксперт топарлардың ўәкиллери ҳәм журналистлер қатнасты.
Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Журналистлер аўқамының баслығы Шуҳрат Орипов Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен "Алтын қәлем" миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаў шеңберинде 2021-жылы "Шет елли журналисттиң Өзбекстан ҳаққындағы ең жақсы материалы" номинациясының шөлкемлестирилгени сырт елли журналистлер ушын өзине тән хошамет екенин ҳәм бул әмелият халықаралық мәлимлеме мәканында Ўатанымыз ҳаққындағы мәлимлемелердиң салмағы артыўына хызмет етип атырғанын атап өтти.
Мәресимде Виктор Готевбе Өзбекстанның бул жоқары тән алыўынан қуўанышлы екенин ҳәм бул оның өмириндеги күтилмеген жарқын ўақыя болғанын билдирди.
"Ашығын айтсам, мен жүдә таң қалдым. Бундай болатуғынын улыўма күтпеген едим. Бул мен ушын күшли илҳам, хошамет ҳәм айрықша мақтаныш", - деди Готевбе.
Сондай-ақ, салтанатлы мәресимде Виктор Готевбега ҳәм "The Hill" газетасының жәмийетлик хабаршысы Джеймс Дурсоға Өзбекстан журналистлер аўқамының ҳүрметли ағзалық гүўалықлары тапсырылды.
Анализатор ҳәм журналист Дурсо АҚШ сиясаты, атап айтқанда, Орайлық Азия менен байланыслар, Аўғанстандағы жағдай ҳаққында мақалалар жазады. Оның Өзбекстан менен байланыслы аналитикалық материаллары да көп. Дурсо 2024-жылы "Алтын қәлем" сыйлығының ийеси болған.
Илажда ҳәзирги ўақытта АҚШта жумыс алып барып атырған журналист Отабек Эшмаматовқа ҳәм “kun.uz” веб-сайтының АҚШтағы арнаўлы хабаршысы Шоҳрух Мажидовқа да Өзбекстан Журналистлер аўқамына ағзалық гүўалықлары тапсырылды.