Сөйлесиўде Өзбекстан менен Корея Республикасы арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, сондай-ақ, Өзбекстан өнимлерин Корея базарына жеткерип бериў имканиятларын кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.
Атап айтқанда, Өзбекстанның экономикалық ҳәм экспорт потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, елимизде жетистирилип атырған аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлерин Корея базарына алып шығыў, жергиликли экспортшыларды қоллап-қуўатлаў, еки мәмлекет исбилермен топарлары арасындағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Сондай-ақ, еки мәмлекет арасында еркин саўда ҳаққындағы келисимди ислеп шығыў ҳәм қол қойыў перспективалары, оның өз-ара саўда көлемин арттырыўдағы әҳмийети ҳаққында пикир алысылды.
Сондай-ақ, жергиликли экспортшылар ушын логистика қәрежетлерин компенсациялаў механизмлерин қолланыў, Өзбекстан өнимлерин Кореяның саўда тармақларына кеңнен тартыў, кореялы компаниялар менен қоспа кәрханалар шөлкемлестириў имканиятлары да дыққат орайында болды.
Бул бағдарларда еки мәмлекеттиң әмелий бирге ислесиўин раўажландырыў, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар арасында мәсләҳәтлесиўлерди жолға қойыў, анық усыныслар ислеп шығыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.