Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Әзербайжан, Грузия, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан министрлери ҳәм жоқары мәртебели ўәкиллери, ХМШның климат ҳәрекетлери бойынша директоры (Director of Climate Action) Рания Шаршр, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм раўажланыў бойынша бирге ислесиўшилердиң ўәкиллери қатнасты.
Қатнасыўшылардың тийкарғы итибары климат өзгериўиниң халықтың мобильлиги, күн көриў дәреклери ҳәм мәҳәллелердиң турақлылығына өсип баратырған тәсирине қаратылды.
Ҳаўаның ыссылығы, музлықлардың ериўи, суў ресурсларының жетиспеўшилиги, шөллениў, жерлердиң деградациясы ҳәм экстремал ҳаўа-райы ҳәдийселериниң көбейиўи Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ халқы ушын қосымша қәўип туўдырмақта. Бул процесслер адамлардың мәжбүрий ҳәрекетлениўине, миграция ағымларының өзгериўине ҳәм қабыл етиўши жәмийетлерге жүклемениң күшейиўине алып келиўи мүмкин.
Азиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде климаттың өзгериўи тек ғана экологиялық қәўип емес, ал адамлардың турмысына, олардың абаданлығына, экономикалық имканиятлары ҳәм мобильлигине тиккелей тәсир ететуғын фактор екенин атап өтти.
Өзбекстан тәжирийбеси, атап айтқанда, Арал теңизи экологиялық апатшылығының ақыбетлерине айрықша итибар қаратылды. Бул регион қоршаған орталықтың бузылыўы халықтың денсаўлығына, дәрамат дәреклерине, экономикалық имканиятларына ҳәм пүткил жәмийетлердиң абаданлығына қандай тәсир ететуғынын айқын көрсетеди.
Атап өтилгениндей, климат турақлылығын арттырыў тек ғана экологиялық машқалаларды шешиў емес, ал турақлы тиришилик дәреклерине инвестиция киргизиў, суў ресурсларын басқарыўды жетилистириў, экосистемаларды тиклеў ҳәм социаллық қорғаў механизмлерин раўажландырыўды талап етеди.
Сондай-ақ, адамлар өз мәҳәллелеринде жасаў ҳәм раўажланыў имканиятын сақлап қалыўы ушын шараятлар жаратыў, көшириў зәрүр болған жағдайларда оның қәўипсизлигин, тәртибин ҳәм инсан қәдирин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәмлекетлери тәрепинен Климат өзгериўи шараятында халықтың мобильлиги ҳаққындағы "Жипек жолы" декларациясының рәсмий түрде қол қойылғаны илаждың әҳмийетли ўақыясы болды.
Ҳүжжет климатқа байланыслы миграция ҳәм халықтың ҳәрекетлениўи мәселелеринде регионаллық қарым-қатнасты беккемлеў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў, жәрдемге мүтәж жәмийетшиликлердиң турақлылығын арттырыў ҳәм ҳәр бир мәмлекеттиң миллий әҳмийетли бағдарлары ҳәм раўажланыў өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы биргеликтеги көзқарасларды раўажландырыўға қаратылған.
Қол қойыў мәресиминде регион мәмлекетлериниң ўәкиллери, соның ишинде, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи мәселелерине жуўапкер министрлер қатнасты.
Илаж даўамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң БМШ Бас Ассамблеясының 80-сессиясында усыныс етилген Климат мобильлиги тараўында халықаралық бирге ислесиўдиң Глобаллық рамкалы тийкарын (Global Framework of Cooperation on Climate Mobility) ислеп шығыў бойынша басламасына айрықша итибар қаратылды.
Атап өтилгениндей, "Жипек жолы" регионаллық декларациясы тәжирийбе алмасыў, халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм халықтың мобильлиги мәселелерин климатқа бейимлесиў, апатшылықлар қәўпин азайтыў ҳәм турақлы раўажланыў стратегиясы бойынша миллий режелерге интеграциялаўға жәрдемлесиў арқалы бул басламаны және де алға қойыўға әмелий үлес қосыўы мүмкин.
Декларацияның қол қойылыўы Орайлық Азия ҳәм Қубла Кавказ мәмлекетлери арасындағы регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли басқыш болды.