Б.Рўзиев 1950-жыл 23-августта Қашқадәрья ўәлаятының Чироқчи районында туўылды. Орта мектепти тамамлағаннан соң мийнет жолын Кармана районы жол қурылысы бирлеспесинде автомобиль слесары болып баслады. Өндиристен ажыралмаған ҳалда, Ташкент политехника институтында инженер-механик қәнигелиги бойынша билим алды. Кейин ала Москва жәмийетлик пәнлер академиясында оқыды.
Б.Рўзиев Наўайы ўәлаятында көп жыллар даўамында жаслар шөлкемлери ҳәм түрли басқарыў уйымларында жуўапкер лаўазымларда ислеп, өзин мийнеткеш ҳәм жанкүйер басшы сыпатында көрсетти. Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки жылларда ол Наўайы ўәлаяты газлестириў басқармасының баслығы, аймақлық коммуналлық пайдаланыў басқармасының баслығы, Кенимех районының ҳәкими сыяқлы лаўазымларда нәтийжели мийнет етип, аймақ халқының турмыс шараятын жақсылаў, қала ҳәм аўылларды абаданластырыўға мүнәсип үлес қосты.
Басқарыў ҳәм шөлкемлестириў ислери бойынша үлкен потенциалға ийе болған Б.Рўзиев 2002-жылы Наўайы ўәлаятының ҳәкими етип тайынланды. Қыйын өтиў дәўиринде ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, санаат ҳәм өндирис тараўларын кеңейтиў, экономикаға инвестициялар тартыў, фермерлик ҳәрекетин қәлиплестириў, ўәлаяттың экспорт имканиятларын арттырыў, халықты социаллық қорғаў жолында жанкүйерлик көрсетти.
Әсиресе, “Наўайы” еркин индустриал-экономикалық зонасын шөлкемлестириў, Наўайы халықаралық аэропорты негизинде халықаралық логистика орайын қурыў жумысларында шын кеўилден пидайылық пенен мийнет етти.
Жаңа Өзбекстан шараятында ветеранлар шөлкеминиң ағзасы сыпатында өзиниң бай билим ҳәм тәжирийбеси, баҳалы мәсләҳәтлери менен түрли тараў ҳәм тармақларды раўажландырыў, жас қәбилетли кадрларды тәрбиялаў, жасларымызды ўатансүйиўшилик руўхында камалға келтириўге қаратылған илажларда, жәмийетлик жумысларда белсене қатнасты.
Белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер, ҳақ кеўил ҳәм кишипейил инсан, жаслардың меҳрийбан устазы Баҳриддин Рўзиевтиң естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева,
Н.Исмоилов, А.Арипов, С.Турдиев