Руфат Рисқиев 1949-жылы 2-октябрьде Ташкент ўәлаятында шыпакер
шаңарағында туўылды. Оқыўшылық жылларынан баслап спорттың бокс түрине меҳир
қойып, тәжирийбели устазлардың қолында билим алды. Өзиниң бийтәкирар таланты
ҳәм жоқары техникалық шеберлиги, күшли ерк-ықрары ҳәм жаўынгерлик характери
менен ықласбентлердиң итибарына түскен әпсаналық спортшы өзиниң жумысын
ҳәўескер боксшы сыпатында баслап, кейин ала республикалық ҳәм дүнья көлеминдеги
жарысларда белсене қатнасты, қызғын ҳәм аяўсыз беллесиўлерде Өзбекстанның
абырайын мүнәсип қорғады.
Әсиресе, 1974-жылы
Куба Республикасының пайтахты – Гавана қаласында өткерилген бокс бойынша жәҳән
чемпионатындағы маўасасыз беллесиўлер күш-ғайратлы өзбек улының спорт жумысында
айрықша орын ийелейди. Дүньяның ең күшли былғары қолғап шеберлерине қарсы
мәртлерше рингке шығып, ҳақыйқый мәртлик үлгисин көрсеткен баҳадыр жерлесимиз
мине усы абырайлы жарыста алтын медальды қолға киргизип, өзбек боксында биринши
мәрте жәҳән чемпионы деген абырайлы атаққа ийе болды ҳәм миллий спортымыз
тарийхында өшпес из қалдырды, Өзбекстанның мақтанышына айланды.
1976-жылы
Монреалда болып өткен жазғы Олимпиада ойынларында да атақлы спортшымыз мүнәсип
қатнасып, қызғын беллесиўлерде гүмис медальды қолға киргизди.
Р.Рисқиев бурынғы
Аўқам көлеминде 4 мәрте чемпион болып, хызмет көрсеткен спорт устасы дәрежесине
жеткен. Ол Орайлық Азия мәмлекетлериндеги биринши халықаралық профессионал бокс
төрешиси сыпатында да табыслы жумыс алып барды.
Жарқын талант ҳәм
шеберлик ийеси болған Р.Рисқиев тек ғана республикамыз емес, ал дүнья бокс
жәмийетшилиги арасында да үлкен ҳүрмет-иззетке ийе болды. Ол “Ташкент
жолбарысы” деген ҳүрметли ат пенен спорт ықласбентлериниң, пүткил халқымыздың
жүрегинен терең орын ийеледи. Белгили спортшы ҳаққында китаплар жазылды, көркем
фильм сүўретке алынды.
Устаз спортшы
өзбек бокс мектебиниң абырайын арттырыўға тренер ҳәм төреши сыпатындағы
нәтийжели жумысы менен де шексиз үлес қосты. Оның спорт әлеминдеги абырайлы
жолы елимиздеги жас спортшылар ушын ҳақыйқый үлги мектеби болып хызмет етпекте.
Р.Рисқиевтиң
елимиз спортын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен
жоқары баҳаланды. Ол “Эл-юрт ҳурмати” ҳәм “Дўстлик” орденлери менен
сыйлықланған еди.
Пүткил өмирин
боксшылық жумысына бағышлаған уллы спортшы, жаслардың меҳрийбан устазы, ҳақ
кеўил ҳәм кишипейил инсан Руфат Рисқиевтиң жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги
сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев,
Т.Норбоева, Н.Исмоилов, А.Арипов,
А.Раматов, А.Икромов, Б.Махситов