"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, ҳәптеде Өзбекстан аймағының көпшилик бөлиминде қурғақ ҳәм ыссы ҳаўа райы ҳүкимранлық етеди, тек ғана арқаның айырым аймақларында ҳәм республиканың шөл зонасында 17-18 ҳәм 20-ноябрь күнлери жаўын жаўыўы мүмкин.

Ҳаўаның температурасы 17-ноябрьде түнде 3-8° жыллы, күндиз 13-18° жыллы, 18-20-ноябрьде түнде 7-12° жыллы, күндиз 17-22° жыллыға шекем әсте-ақырын көтериледи.

Ҳәпте басында ҳаўа температурасы нормадан 3-5°, ҳәпте ақырында болса 8-10° жоқары болады.

16-18-ноябрь күнлери айырым жерлерге думан түседи.

Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Өзбекстанның таўлы аймақларында жаўын-шашын болмайды, тек ғана 18-20-ноябрь күнлери айырым жерлерде жаўын-шашын (жаўын, қар) болады.

Ташкент қаласында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Самал шығыстан 3-8 м/с тезликте еседи.

Ҳаўаның температурасы күндиз 16-18-ноябрьде 15-17° жыллы, 19-20-ноябрьде 20-22° жыллы, түнде 17-ноябрьде 4-6° жыллы, 18-20-ноябрьде 10-12° жыллы болыўы күтиледи.