Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер азық-аўқат қәўипсизлиги, саўда-экономикалық байланыслар ҳәм инвестициялар тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

Атап айтқанда, азық-аўқат өнимлери бойынша өз-ара саўда көлемин 2027-жылдан 2-3 есеге арттырыў, жоқары қосымша қунлы товарлар экспортын кеңейтиў мақсет етип қойылды.

Ташкент - Маскат тиккелей авиақатнаўлары арқалы жүк тасыўды шөлкемлестириў, сондай-ақ, Орта коридор ҳәм басқа да альтернатив транспорт жөнелислеринен пайдаланыўға айрықша итибар қаратылды.

Тәреплер Өзбекстаннан Оманға мийўе-овош өнимлери, кептирилген мийўе ҳәм ғоза экспортын кеңейтиў, Оманнан теңиз өнимлери ҳәм қурма импортын арттырыў мәселелерин додалады.

Буннан тысқары, азық-аўқат өнимлерин қайта ислеў ҳәм қадақлаў, балықшылық ҳәм органикалық төгинлер ислеп шығарыў тараўларында биргеликтеги инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў перспективалары көрип шығылды.

Оман тәрепи агрокластерлер ҳәм кооперацияны раўажландырыў, аўыл хожалығын жеңиллетилген кредитлеў, өнимдарлықты арттырыўды қамсызландырыў ҳәм хошаметлеў механизмлерин қолланыў бойынша Өзбекстан тәжирийбесин үйрениўден мәпдар екенин билдирди. Усы мүнәсибет пенен бул тәжирийбени үйрениў ушын техникалық жумысшы топар дүзиў усыныс етилди.

Сондай-ақ, тәреплер дән жетистириў, туқымгершилик, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, "ҳалал" сертификатлаў, азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, илимий изертлеўлер ҳәм кадрлар таярлаў тараўларында бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алды.

Өзбекстан компанияларының декабрь айында Оман қаласында ҳәр жылы өткерилетуғын аўыл хожалығы көргизбесинде қатнасыўы да нәзерде тутылған.

Ушырасыў даўамында Өзбекстан тәрепи азық-аўқат системалары ушын 7 принципке тийкарланған «7D» концепциясын таныстырды: мағлыўматлар, диверсификация, жойбарластырыў, тәртип-интизам, әмелий әмелге асырыў, өз-ара байланыслылық ҳәм өз-ара ҳүрмет. Оман тәрепи бул қатнастан келешектеги бирге ислесиў ушын тийкар сыпатында пайдаланыў мүмкин екенлигин атап өтти.

Сөйлесиўлер жуўмағында тәреплер ерисилген келисимлерди өз-ара түсинисиў меморандумы менен беккемлеў ҳәм белгиленген биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға кирисиўге келисип алды.