Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Оман саўда, санаат ҳәм инвестицияларға жәрдемлесиў министри Анвар бин Ҳилол Ал Жабрий биргеликте басшылық етти.
Өз-ара саўданы көбейтиў, Преференциал саўда ҳаққындағы келисимди таярлаў, техникалық тосқынлықларды сапластырыў ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мәселелери додаланды.
Өзбекстан - Оман инвестициялық компаниясын раўажландырыў ҳәм энергетика, санаат, геология, қурылыс, аўыл хожалығы ҳәм санлы технологиялар тараўларындағы биргеликтеги басламалар көрип шығылды.
Өзбекстан өнимлерин жаңа базарларға шығарыўда Оман портларынан пайдаланыў, логистика ҳәм жүк тасыўды авиақатнаўлар арқалы раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Жуўмақлары бойынша мәжилис протоколына қол қойылды. Комиссияның гезектеги мәжилиси Өзбекстанда болып өтеди.