Сапар бағдарламасына муўапық, Маскат қаласында жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер, ири компаниялардың басшылары менен ушырасыўлар ҳәм басқа да илажлар өткериледи.
Болажақ саммит күн тәртибинен Өзбекстан - Оман қатнасықларын жаңа басқышқа көтериў, саўда, инвестициялар, аўыл хожалығы сыяқлы тийкарғы бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм алмасыўларын жеделлестириў мәселелери орын алған.
Сөйлесиўлер жуўмағында бир қатар ҳүжжет ҳәм келисимлердиң қабыл етилиўи режелестирилген.