1997-жылы иске қосылған завод мәмлекетимиздиң жанылғы-энергетика тармағында әҳмийетли орын ийелейди. Кәрхана жылына 2,5 миллион тонна нефть ҳәм газ конденсатын қайта ислеў жойбарлаў қуўатлылығына ийе. Бул жерде автобензин, дизель жанылғысы, авиакеросин ҳәм басқа да түрдеги нефть өнимлери ислеп шығарылады. Заводта 3,2 мыңнан аслам адам мийнет етпекте.

Презентацияда кәрхананың өндирислик ҳәм финанслық көрсеткишлери ҳаққында мәлимлеме берилди. Усы жылдың тоғыз айында 1,5 миллион тоннадан аслам шийки зат қайта исленип, дерлик 1,5 миллион тонна нефть өнимлери ислеп шығарылған. Сап пайда 2,2 триллион сумды қураған.

Жылдың ақырына шекем шийки затты қайта ислеў көлемин 2,17 миллион тоннаға, нефть өнимлерин ислеп шығарыўды болса 2,12 миллион тоннаға жеткериў режелестирилген.

Кәрхананы раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан бири өндиристи модернизациялаў ҳәм жоқары сапалы жанылғы түрлерин өзлестириў болып табылады.

Атап айтқанда, заводта Евро-5 экологиялық стандартына жуўап беретуғын АИ -92 ҳәм АИ -95 маркалы автобензин ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша баҳасы 328 миллион долларлық жойбар ислеп шығылған. Оның шеңберинде әмелдеги технологиялық процесслерди жетилистириў ҳәм жаңа өндирис қурылмаларын қурыў нәзерде тутылған.

Жойбардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде жылына 1,1 миллион тонна Евро-5 стандартындағы автобензин ислеп шығарыў имканияты жаратылады. Сондай-ақ, импорт етилетуғын жанылғы қосымшалары қәрежетлеринен жылына 150 миллион долларға шекем қаржы үнемлениўи ҳәм 200 жаңа жумыс орны шөлкемлестирилиўи күтилмекте.

Режеге бола, жойбарды 2029-жылдың екинши шерегинде иске қосыў мөлшерленген.

Презентацияда заводтың өндирислик қуўатлықларын буннан былай да кеңейтиў бойынша перспективалы жойбар да көрип шығылды.

Дәслепки есап-санақларға бола, баҳасы 1,8 миллиард доллар болған бул жойбар шеңберинде заманагөй нефтьти қайта ислеў ҳәм нефть-химия технологияларын енгизиў, жаңа технологиялық қурылмаларды қурыў режелестирилген.

Нәтийжеде заводта ислеп шығарылатуғын нефть өнимлериниң улыўма жыллық көлемин ҳәзирги 2,1 миллион тоннадан 4,6 миллион тоннаға жеткериў имканияты пайда болады. Соның ишинде, автобензин ислеп шығарыў 2,7 миллион тоннаға, дизель жанылғысы 1,24 миллион тоннаға, авиакеросин 500 мың тоннаға жеткерилиўи нәзерде тутылған.

Соның менен бирге, бензол ҳәм басқа да нефть-химия өнимлерин өзлестириў, шийки затты терең қайта ислеў арқалы жоқары қосымша қун жаратыў имканиятлары кеңейеди.

Жойбарды әмелге асырыўда Қытай, Франция, АҚШ ҳәм Әзербайжанның жетекши технологиялық компаниялары менен бирге ислесиў нәзерде тутылмақта. Қурылыс жумысларын 2028-жылы баслаў мөлшерленген.

Презентация даўамында жойбарлардың экономикалық нәтийжелилиги, заманагөй технологияларды тартыў, өндирис қуўатлықларынан толық пайдаланыў және жоқары сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы нефть өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.