БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен турақлы раўажланыў ҳәм климат өзгериўи ақыбетлерине қарсы гүресиў тараўындағы көп қырлы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды. БМШ Раўажланыў бағдарламасының 2030-жылға шекем мөлшерленген жаңа Мәмлекетлик бағдарламасын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Шериклик унамлы пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Кейинги бес жылда улыўма баҳасы 120 миллион доллардан аслам болған 100 ден аслам қоспа жойбар әмелге асырылды, бирге ислесиўдиң улыўма көлеми болса 550 миллион доллардан артты.
Ушырасыў жуўмағында тәреплер "жасыл" трансформация, климатлық қаржыландырыўды тартыў, Аралбойы бойынша қоспа бағдарламаларды әмелге асырыў, климат өзгериўи ақыбетиндеги жоғалтыўлар ҳәм зыянларды баҳалаў механизмлерин жетилистириў тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге таяр екенин билдирди.