Сирия тәрепинен тоқымашылық, фармацевтика, азық-аўқат ҳәм химия санааты,
аўыл хожалығы, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника ҳәм басқа да
тармақларда жумыс алып барып атырған 30 дан аслам ири компаниялардың басшылары
қатнасты. Кең тармақлар қурамы додалаўды саўда ҳәм инвестициялық бирге
ислесиўдиң ең перспективалы бағдарларына қаратыў имканиятын берди.
Сөйлесиўлерде
форум күни кеше ҳүкиметлераралық сөйлесиўлер шеңберинде ерисилген келисимлердиң
даўамы екени атап өтилди. Қоспа экономикалық ҳәм саўда комитетин шөлкемлестириў
ҳаққындағы меморандумға қол қойылғаны ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң
қәлиплестирилгени еки мәмлекет мәмлекет структуралары ҳәм бизнесиниң турақлы
бирге ислесиўи ушын институционаллық тийкар жаратты.
Жаңа көргизбе ҳәм
саўда майданлары компаниялар арасындағы тиккелей байланыслардың раўажланыўына
хызмет етеди. 2027-жыл февраль айында Алеппо ҳәм Дамаскта «Made in Uzbekistan» көргизбесин,
сол жылдың өзинде Ташкентте Сирия өнимлериниң көргизбесин өткериў
режелестирилген. Жергиликли товарларды алға қойыў, шериклер табыў ҳәм жаңа
басламаларды ислеп шығыў ушын турақлы майданға айланыўы мөлшерленген
Өзбекстанның Алеппо қаласындағы саўда үйиниң орны айрықша атап өтилди.
Форумда,
сондай-ақ, исбилерменлерди еки мәмлекет базарларына шығыўда қоллап-қуўатлаў
бойынша анық илажлар белгиленди. Өзбекстан компанияларына жәрдемлесиў, соның
ишинде, қоймаханаларды ижараға алыў, сертификатлаў ҳәм тасыў қәрежетлерин
субсидиялаў нәзерде тутылған. Өзбекстанда жумыс ислеўден мәпдар болған Сирия
бизнесине жергиликли шериклерди таңлаў, сөйлесиўлер шөлкемлестириў ҳәм
жойбарларды әмелге асырыўда жәрдем бериледи.
Тармақ күн
тәртибин системалы ислеп шығыў ушын еки мәмлекет министрлериниң орынбасарлары
басшылығында жумысшы топар дүзилген. Оның жумысы анық жойбарлар, компаниялар
ҳәм әмелий шешимлерге қаратылады. Тийкарғы басламалар ҳәм кейинги басқышларды
бирден-бир Жол картасына бирлестирип, белгиленген илажлардың келисилген ҳалда
орынланыўын тәмийинлеў режелестирилген.
Бизнес
тараўындағы бирге ислесиўдиң дәслепки нәтийжелери айрықша атап өтилди:
компаниялар арасында саўда ҳәм инвестиция тараўларында келисимлерге ерисилген.
Ендиги тийкарғы ўазыйпа - оларды шәртнамалар, жеткерип бериў ҳәм инвестициялық
шешимлерге жеткериў, бирге ислесиў көлемин избе-из кеңейтиў.
Исбилерменлик
бағдарламасын B2B- ҳәм B2G ушырасыўлары даўам еттирди. Сөйлесиўлер тийкарында
анық товарлар ҳәм жойбарлар, потенциаллы шериклер табыў ҳәм алдағы қәдемлерди
келисип алыў мәселелери бар еди.