Илажда мәмлекетлик уйымлар, Японияның жетекши компаниялары, банклери, қаржы институтлары ҳәм исбилерменлик бирлеспелери ўәкиллери қатнасты. Форум Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2025-жыл декабрь айында Японияға мәмлекетлик сапары даўамында ерисилген келисимлердиң әмелий даўамы болды.

Форумда Өзбекстанның инвестициялық потенциалы, экономиканы либералластырыў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў, заманагөй санаат базасын жаратыў бойынша әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларға айрықша итибар қаратылды. Атап өтилгениндей, бүгинги күнде республикамызда Япония капиталының қатнасыўында 137 кәрхана, сондай-ақ, 14 Япония компаниясының ўәкилханалары жумыс алып бармақта.

Қатнасыўшылар инфраструктура, энергетика, транспорт, геология, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, санластырыў ҳәм санаат кооперациясы тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў перспективаларын додалады.

Рәсмий бөлим жуўмағында бизнес, банк секторы ҳәм тийисли мәмлекетлик структуралардың ўәкиллери қатнасқан B2B ҳәм G2B форматында сөйлесиўлер болып өтти. Ушырасыўлар жаңа инвестициялық жойбарларды додалаў ҳәм Өзбекстан менен Япония арасындағы исбилерменлик байланысларын беккемлеўге бағышланды.