Кейинги ўақытлары адамлар арасында "исбилерменлер ушын екинши имканият" деген сөз көп айланбақта. Бул, бир тәрептен, Президентимиздиң усы жыл 27-августтағы тийисли пәрманына бола "екинши имканият" экономикалық амнистиясы жәрияланғаны менен байланыслы.
Дәслеп "екинши
имканият" экономикалық амнистиясының мәнисине тоқтап өтейик. Әпиўайы етип
айтқанда, бул исбилерменлерге қарыздарлық, салық ямаса басқа да экономикалық
миннетлемелерин белгили бир шәртлер тийкарында жеңиллетиў, қайта тиклеў ҳәм жумысын
даўам еттириў имканиятын беретуғын механизм болып есапланады. Киши ҳәм орта
исбилерменлик субъектлери ушын қолланылып атырған бул қатнас усы жылдың
31-декабрьине шекем даўам етеди.
Онда экономикалық амнистия
жәрияланғанға шекем жүзеге келген салық қарызы (буған пеня кирмейди) 2026-жыл
31-декабрьге шекем толық төленгенде, бул қарыздарлық бойынша есапланған пеня
есаптан шығарылып, олар менен байланыслы орынлаў жумыслары сапластырылыўы
белгиленген. Сондай-ақ, алдын усынылған салық есабатларына салық төлеўши тәрепинен
еркин түрде дүзетиў киргизилип, қосымша есапланған салық суммасы 2026-жыл
31-декабрьге шекем толық төленгенде, бул суммаға пеня есапланбайды. Қалаберди,
исбилерменлик субъектлери салықлар ҳәм жыйымларды төлеў ушын төлем тапсырмасын
банкке усынбағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи. 2026-жыл
1-январьға шекем қәлиплескен айырым қарыздарлықлар да есаптан шығарылады.
Яғный мәмлекет исбилерменге бар
қарыздарлықларды сапластырыў, қәтелерди өз ўақтында анықлап, дүзетиў ушын ўақыт
ҳәм имканият бермекте. Қарыздарлық есабынан жыйналған пеня ҳәм ески
жәриймаларды жеңиллетип атыр. Бурын усындай қәте ҳәм кемшиликлер, орынланбаған
миннетлемелер бизнес ийесиниң аяғына тусаў, кейинги жумысына тосқынлық етип
келген. Енди исбилермен белгиленген шәртлерди орынлап, қәтелерди өз бетинше
дүзетиўи ушын имканият берилмекте. Ҳеш қандай жәрийма ҳәм жазаларсыз, тек ғана
кемшиликти сапластырыў имканияты.
Бул, әсиресе, киши ҳәм орта
бизнес ушын үлкен қолайлық. Себеби енди жумыс баслаған исбилермен ҳәр қашан да
қәтесиз ислей алмайды, кемшиликлерге жол қойыўы тәбийғый. Буның ушын оны дәрҳал
жазалаў болса жумысын тоқтатып қойыўы ҳеш гәп емес. Буған көп мәрте гүўа
болғанбыз. "Екинши имканият" механизминиң тийкарғы мақсети исбилермен
жумысын нызамластырыўға жәрдемлесиўге қаратылған. Тек ғана буннан артықша
пайдаланыў емес, өнимли пайдаланыў керек.
Енди "екинши
имканият"тың басқа бир мәниси ҳаққында сөз етейин. Мәмлекетимиз басшысы
менен болып өткен алтыншы ашықтан-ашық сөйлесиўден кейин буны ҳәр бир
исбилермен өз денесинде ҳәр қыйлы сезди, түсинди ҳәм талқылады. Мениң
талқылаўымша, екинши имканият - бул әпиўайы аўыспалы мәнистеги түсиник емес.
Буның артында жыллар даўамында арттырылған тәжирийбе, исеним ҳәм ерисилген
нәтийжелер тур. Өткен он жыл ҳақыйқый исбилерменлик орталығын жаратып, бүгин
елимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлеўге белсене үлес қосып атырған 1
миллион 200 мыңнан аслам исбилерменлерден ибарат үлкен күшти қәлиплестирди.
Мине енди әне усы күш арттырған тәжирийбе ҳәм әмелияты менен бизнестиң жаңа
дәўирине кирип бармақта. Мәмлекетимиз басшысының сөзи менен айтқанда,
исбилерменлеримиз "бизнести баслаў" басқышынан "капиталды
көбейтиў" басқышына өтпекте. Буның ушын оларға жаңа имканият, үлкен
жеңилликлер усынылмақта.
Ашықтан-ашық сөйлесиў даўамында
алға қойылған усыныслар, қосымша жеңилликлерди еситип, оғада толқынланған едим.
Кейин ала Президентимиздиң тийисли пәрманы менен олардың нызамлы
беккемленгенинен және де қуўандым. Бүгин мине усы имканиятларды талқылай
отырып, олардан дурыс ҳәм өз орнында пайдаланыў ҳәр қандай исбилерменлик
субъектин буннан былай да раўажландыратуғынына исеним пайда етемиз. Мениңше,
ҳәр бир жеңиллик бизнес ийелерине берилип атырған оғада үлкен ҳәм бийғәрез
жәрдем болып есапланады.
Быйылғы ушырасыўдағы ең үлкен
жаңалықлардан бири исбилерменниң аяғына тусаў болатуғын тийкарғы мәселе -
тексериўлер системасының және де жеңиллетилгени болды. Яғный пәрманға бола,
киши исбилерменлик субъектлериниң жумысын ҳәр қандай тексериўге 3 жыл мүддетке
мораторий жәрияланды. Жынаят иси шеңберинде, инсан саламатлығына тәсирин
үйрениў ҳәм мийнет нызамшылығына әмел етилиўи сыяқлы айырым түрдеги
тексериўлерди есапқа алмағанда, енди исбилерменниң есигин қәлеген мәмлекетлик
уйым тақылдатып келип, тексере алмайды. Мораторий дәўиринде бундай
ҳуқықбузарлыққа жол қойған шахслар ҳәттеки белгиленген тәртипте жуўапкершиликке
тартылады. Бул имканият киши бизнес ўәкиллерине берилип атырған болса да,
улыўма исбилерменлик орталығының раўажланыўында үлкен орын ийелейди.
Бизики сыяқлы ири ислеп
шығарыўшылар ушын да тексериўлер бойынша жақсы жаңалықлар қолланылып атыр.
Мәселен, енди орта ҳәм ири исбилерменлер өз кәрханасын ықтыярлы профилактикалық
аудиттен өткергенде жуўмақты салық уйымына усынады ҳәм салық уйымы оны тән
алыўы керек. Әҳмийетлиси, анықланған кемшиликти сапластырған исбилермен
жәриймаға тартылмайды ҳәм бул дәўир ушын салық уйымы тексериў өткермейди.
Мәмлекетимиз басшысы ҳәзир 51 уйым финанслық жәрийма қолланыў ўәкиллигине ийе
екени, бирақ жәрийма қаржы жыйнаў ушын емес, тараўда тәртип-интизам ҳәм
профилактика ушын хызмет етиўи керек екенлигин бийкарға атап өткен жоқ. Себеби
жәриймалардың бир бөлеги мәмлекетлик уйымға түскени ушын тексериўлер санын
арттырыў жағдайлары да ушырасқан. Соның ушын, енди барлық түрдеги жәриймалардың
муғдары орташа 2 есеге азайтылғаны биз исбилерменлер ушын жүдә үлкен қолайлық,
қосымша имканият болды.
Пәрман менен исбилерменлерге
берилген жеңилликлер ҳаққында узақ айтыў мүмкин. Быйылғы ашықтан-ашық сөйлесиў
алдынан исбилерменлердиң усыныслар билдириў процесслериндеги белсендилиги
мәмлекетимиз басшысы тәрепинен олардың көпшилиги хошаметленгенинде де
сәўлеленди. Ҳәттеки айырым жеңилликлерди өзимиз де күтпеген едик.
Киши исбилерменлик субъекти 10
миллиард сумға шекем кредит алыўда гиреўдиң 30 процентин мәмлекет, 30 процентин
Бизнести кепиллеў компаниясы, және 15 процентин банклер өз мойнына алыўы,
экспортшылардың сырт ел брендмекерин алып келиў қәрежетиниң ярымы төлеп
берилип, сыртқы базарларда миллий брендлерди үгит-нәсиятлаў, оларды халықаралық
талапларға бейимлестириўге 50 мың долларға шекем субсидия ажыратылыўы, келеси
жылдан исбилермен ҳәм мәмлекет арасындағы келиспеўшиликлерди көриўде
“исбилерменниң ҳақлығы презумпциясы” принципи енгизилип, бизнес ийесиниң айыбы
судта дәлилленбегенше, ол айыпсыз деп есапланыўы ҳәм жәрийма және басқа да тәсир
илажлары қолланылмаўы - булардың барлығы тек ғана жеңилликлер емес, ал
исбилерменге берилип атырған үлкен исеним ҳәм қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Әсиресе, "үндемеў -
разылық" принципи енгизилип атырғанынан қуўандым. Енди исбилерменликке
байланыслы мәмлекетлик хызметлердиң 50 проценти "үндемеў - разылық"
принципине өткерилмекте. Бул мәмлекетлик уйымларға мүрәжатлар менен байланыслы.
Егер жиберилген арзалар белгиленген мүддетте көрип шығылмаса, автоматикалық
түрде исбилермен пайдасына шешилген болып есапланады.
Бул биз ушын жүдә қолайлы болды.
Себеби жумыс бойынша мәмлекетлик хызметлерден көп пайдаланамыз ҳәм көплеген
мүрәжатлар етиўимизге туўра келеди. Тилекке қарсы, айырым жағдайларда арзамызға
нызамшылықта белгиленген ўақытта жуўап ала алмаймыз, айлап күтиў жағдайларымыз
болады. Нәтийжеде артықша ўақыт жумсап, қайта мүрәжат етиўге мәжбүр боламыз.
Себеби мәселеге анықлық киргизиўимиз, шешимин ислеўимиз керек.
"Тынышлық - разылық"
принципи мине усы процессти тәртипке салады. Енди тийисли мәмлекетлик уйымларға
жоллаған мүрәжатымыз өз ўақтында көрип шығылмаса ямаса нызамда белгиленген
мүддетлерде жуўап ала алмасақ, бул разылықты билдиреди ҳәм жағдай бизиң
пайдамызға шешиледи.
***
Көплеген мәмлекетлерде боламыз,
исбилерменлер менен сәўбетлесемиз. Бәрқулла бир нәрсеге исенемен, елимизде
бизнес тараўына берилип атырған бундай дәрежедеги имканият ҳәм жеңилликлерди
дүньяның басқа мәмлекетлеринде бақламадым. Не ушын бүгин исбилерменлеримиз тек
ғана раўажланыў, жәҳән базарына жедел кириў ҳаққында ойламақта, анығырағы,
ойлай алады? Себеби олардың аяғына тусаў болатуғын үлкен машқалалар, қорқыныш
ҳәм исенимсизлик жоқ. Керисинше, және де кең шараят, көбирек жеңилликлер
жаратып берилмекте.
Зергерлик кәрханамыз 2021-жылы
шөлкемлестирилгенде инвестиция муғдары 3 миллион доллар болған. Ҳәзир саўда
айланысымыз 10 миллион долларға жетти. Онлаған түрдеги таяр зергерлик өнимлерин
ислеп шығарып, экспорт етемиз. 150 ге шамалас адамды жумыс пенен
тәмийинлегенбиз.
Бул раўажланыўлар өз-өзинен
болмайды. Бәринен бурын, тараўға итибар, қалаберди, қосымша жеңилликлер себепли
өндирислик қуўатлықларымызды турақлы арттырып бармақтамыз. Тек ғана салық
жеңилликлериниң өзи жумысымыздың раўажланыўында үлкен орын ийелейди. Бүгинги
күнге шекем ҚҚСтың 85 процентин қайтарып бериў жеңиллигинен пайдаланып
киятырмыз. Қалаберди, биз зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар мүлк ҳәм жер
салығынан азат етилгенбиз.
Улыўма, имканиятлар ҳәм
жеңилликлер оғада үлкен. Бирақ бул имканиятлар исбилерменди жасалма
қоллап-қуўатлаў, қәлегенинше жумыс ислеўине жол ашып бериў ушын берилмей атыр.
Керисинше, мақсет бизнес ийелериниң жумысын нызамластырыў арқалы және де
раўажланыўға кеңнен жол ашыўға қаратылған. Бул имканиятлардан тек ғана дурыс
ҳәм өз орнында пайдаланыўымыз керек.
Сайфулло
СОБИРОВ,
“Софизар” қоспа кәрханасының баслығы