Қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына кеўил айтамыз, бул аянышлы ўақыя ақыбетинде жәбирленгенлерге терең қайғырыў менен кеўил айтамыз. Жарақат алғанлардың тезирек ҳәм толық саўалып кетиўин тилеймиз. Сондай-ақ, Саудия Арабстаны Патшалығының суверенитети, аймақлық пүтинлиги ҳәм қәўипсизлигин исенимли қоллап-қуўатлаўымызды және бир мәрте тастыйықлаймыз.
Тыныш халық ҳәм пуқаралық инфраструктурасы объектлерине ҳүжимлер халықаралық ҳуқық нормаларының үлкен бузылыўы есапланады ҳәм бундай ҳәрекетлер тезлик пенен тоқтатылыўы шәрт. Тыныш халықтың өмирин қорғаў ҳәм әҳмийетли инфраструктура объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў сөзсиз тийкарғы ўазыйпа болып қалыўы керек.
Бундай ҳүжимлерди жедел тоқтатыўға шақырамыз ҳәм барлық тәреплерди сабырлылық көрсетиўге, кескинликтиң және де ҳәўиж алыўына жол қоймаўға, келиспеўшиликлерди халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Режеси принциплерине муўапық, сөйлесиў ҳәм дипломатиялық қураллар арқалы шешиўге қатаң шақырамыз.
Өзбекстан Республикасы дос Саудия Арабстаны Патшалығы халқы ҳәм Ҳүкимети менен аўызбиршилигин билдиреди және регионда тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти беккемлеўге садықлығын және бир мәрте тастыйықлайды.