Кейинги он жылда мәмлекетимизде социаллық ҳәм саўда объектлериниң саны 150 мыңнан 500 мыңға, турақ жай объектлериниң саны болса 1,5 миллионнан 8 миллионға көбейди. Күни-түни ислейтуғын саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери бар көшелер саны 255 ке жетти.

"Қәўипсиз қала", "Қәўипсиз пайтахт", "Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле", "Қәўипсиз үй" бағдарламалары шеңберинде жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў бойынша салмақлы жумыслар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, қорғаўға алынған объектлердиң саны 194 мыңнан 337 мыңға, мобил оператив топарлардың саны 533 тен 630 ға көбейди. 6,5 мың мәҳәлледе патруль жумыслары шөлкемлестирилип, 58 мың сақшының қәнигелиги арттырылды.

Соның менен бирге, қорғаў хызметлериниң ҳәзирги көлеми ҳәм түрлери халық ҳәм исбилерменлердиң өсип баратырған талапларына толық жуўап бермей атыр.

Хызмет көрсетиў тийкарынан мәмлекетлик объектлерди қорғаў менен шекленип қалып атырғаны, бул тараўда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў, заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен презентацияда қорғаў жумысының ҳуқықый тийкарларын жетилистириў, халық, исбилерменлер, инвесторлар ҳәм туристлердиң қәўипсизлигин тәмийинлеў, олардың мүлклерин исенимли қорғаўға қаратылған комплексли илажлар додаланды.

Бәринен бурын, бес мәлимлеме системасын бирлестириў тийкарында "Санлы қорғаў" бирден-бир мәлимлеме системасын енгизип, қорғаў жумысы тараўын толық санластырыў усыныс етилди.

Жаңа система қорғаў хызметлерин көрсетиў бойынша шәртнамаларды электрон түрде рәсмийлестириў, төлемлер ҳаққындағы мағлыўматты онлайн алыў, оператив топарлардың ҳәрекетин реал ўақыт режиминде бақлап барыў имканиятын береди.

Буннан тысқары, жасалма интеллект технологияларынан пайдаланған ҳалда болыўы мүмкин болған қәўип-қәтерлерди алдыннан анықлаў ҳәм олардың алдын алыў, қорғаў бөлимлериниң жумысын нәтийжели басқарыў тәмийинленеди.

Әмелдеги 6 қорғаў хызметине қосымша 8 жаңа хызмет түрин енгизиў усыныс етилди.

Атап айтқанда, "Ақыллы ҳәм қәўипсиз үй" концепциясы шеңберинде турақ жай объектлери аймағында заманагөй бақлаў қурылмаларын орнатыў ҳәм оларға техникалық хызмет көрсетиў, мобил қурылмалар арқалы қыстаўлы жәрдемди шақырыў имканиятын беретуғын "SOS" виртуал системасынан пайдаланыў нәзерде тутылған.

Инвесторлар, туристлер ҳәм исбилерменлерге жеке қорғаў хызметин көрсетиў, шаңарақлық ҳәм басқа да илажлар ўақтында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў, ушыўшысыз ушыў аппаратлары жәрдеминде бақлаў, мәўсимлик тийкарда жумыс алып барып атырған объектлерди қорғаўды жолға қойыў режелестирилген.

Қурылып атырған объектлерди инженерлик-техникалық қорғаў қураллары менен тәмийинлеў бойынша бирден-бир талапларды белгилеў ҳәм қала қурылысы нормаларына тийисли өзгерислер киргизиў усыныс етилди.

Пуқаралардың мүлклерин қорғаў мақсетинде көп қабатлы турақ жайларда техникалық қорғаў хызметлеринен пайдаланыў, сондай-ақ, домофон ҳәм тревога түймешелерин орнатыў әмелиятын жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Қорғаў жумысында жеке меншик сектордың потенциалынан және де кеңирек пайдаланыў ушын зәрүр ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик шараятларды жаратыў бойынша усыныслар билдирилди.

Атап айтқанда, жеке меншик шөлкемлер тәрепинен техникалық қорғаў қуралларын монтажлаў, сазлаў ҳәм оларға хызмет көрсетиўдиң бирден-бир тәртиби және тийисли талапларды белгилеў нәзерде тутылмақта.

Заманагөй қорғаў техникалық қуралларын локализациялаў, жергиликли программалық тәмийнат ҳәм үскенелер ислеп шығарыўды кеңейтиў режелери таныстырылды.

Атап өтилгениндей, локализациялаў дәрежесин 30 проценттен 60 процентке жеткериў, үскенелер ислеп шығарыў қуўатлылығын айына 10 мыңнан 30 мыңға шекем арттырыў олардың өзине түсер баҳасын 1,7 есеге азайтыў имканиятын береди.

Бул тараўда саламат бәсеки орталығын қәлиплестириў мақсетинде Миллий гвардияның қорғаў жумысы бойынша ўәкилликлерин кеңейтиў мәселеси де көрип шығылды.

Атап айтқанда, Миллий гвардия қорғаўында болыўы мүмкин болған объектлер категориясын 13 тен 24 ке жеткериў, физикалық, техникалық ҳәм жеке қорғаў хызметлерин көрсетиў, ҳәр қыйлы илажлар ўақтында жәмийетлик тәртипти тәмийинлеў имканиятларын кеңейтиў усыныс етилди.

Соның менен бирге, мәжбүрий қорғалыўы зәрүр болған объектлердиң категорияларын нызам менен беккемлеў ҳәм уйымлық қорғаў бөлимлериниң ҳуқық қорғаў уйымлары менен өз-ара бирге ислесиў тәртибин жетилистириў нәзерде тутылмақта.

Усыныс етилип атырған илажларды әмелге асырыў нәтийжесинде 2027-жылы қорғалатуғын объектлердиң санын 600 мыңға, мобил оператив топарлардың санын 800 ге жеткериў, сондай-ақ, қорғаў хызмети хызметкерлериниң санын 8 мыңға арттырып, қосымша түрде 1,5 мың мәҳәлледе патрульлик жумысларын шөлкемлестириў нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы қорғаў системасын жетилистириўде инсан мәпи, халықтың тынышлығы ҳәм мал-мүлкиниң қол қатылмаслығын тәмийинлеў тийкарғы орында болыўы керек екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге халыққа сапалы ҳәм арзан хызметлер көрсетиўди жолға қойыў, тараў уйымларының халық ҳәм мәмлекет мәплери жолында өз-ара муўапық ислеўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.