Мәмлекетимизде халықтың саны ҳәм дәраматларының өсиўи, туризмниң жедел раўажланыўы нәтийжесинде гөш ҳәм сүт өнимлерине болған талап жылдан-жылға артып бармақта. Бундай шараятта ишки базарды толықтырыў, өндирис өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм баҳаның турақлылығын сақлаў мәселелери айрықша әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги күнде гөштиң өзине түсер баҳасының 30 проценти азық-аўқат қәрежетлериниң үлесине туўра келмекте. Республикада 12,5 миллион бас қарамал, 23 миллион бас қой-ешки, 125 миллион бас қус бар. Жылына 48 миллион тонна от-жем ислеп шығарылып, оған болған талап толық қапланбай атыр. Атап айтқанда, бир бас қарамалға жыллық азықлыққа талап 6,5 тонна болса, әмелде бул көрсеткиш 4 тоннадан артпайды.
Соның менен бирге, шарўашылық ушын ажыратылған 480 мың гектарға шамалас жердиң кеминде 20 процентинен нәтийжесиз пайдаланылмақта. От-жем өнимдарлығы, халықты сапалы от-жем менен тәмийинлеў системасы, нәсилшилик тараўы заман талапларына толық жуўап бермейди.
Усы мүнәсибет пенен презентация даўамында азықлық жетистириўди 2027-жылы 64,5 миллион тоннаға, 2030-жылы 90 миллион тоннаға жеткериў бойынша комплексли илажлар усыныс етилди.
Бәринен бурын, азықлық балансын аймақлар кесиминде қәлиплестирип, азықлық егинлердиң егислик майданы ҳәм өсимлик түрлериниң есабын толық санластырыў режелестирилген. Шарўашылық ушын ажыратылған жерлерден мақсетли пайдаланыў космослық мониторинг арқалы қадағалап барылады.
Бар егин майданларынан нәтийжели пайдаланыў, қайта егиў әмелиятын кеңейтиў, зүрәәтли сортлар ҳәм заманагөй агротехнологияларды енгизиў есабынан от-жем өнимдарлығын гектарына 350 центнерден 500 центнерге жеткериў режелестирилген.
Сондай-ақ, 2030-жылға шекем 200 мың гектар жерди аўыл хожалығы айланысына киргизиў ҳәм бул жерлерде от-жем егинлерин жетистириў режелестирилген. Келеси жылы 50 мың гектар майданда усындай жумыслар әмелге асырылады.
Жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыўға айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, Қашқадәрья ўәлаятының 8 районында сырт ел тәжирийбеси тийкарында қурғақшылық ҳәм шорланыўға шыдамлы от-жем егинлерин жетистириў жолға қойылады. 2030-жылға шекем республика бойынша 1 миллион гектар жайлаўға дронлар жәрдеминде туқым егиў режелестирилген.
От-жемди ислеп шығарыўдан баслап қайта ислеў, сақлаў, таярлаў ҳәм тутыныўшыға жеткериўге шекемги барлық процесслерди қамтып алатуғын бирден-бир система жаратыў усынысы билдирилди.
Буның ушын аймақларда 100 ден аслам от-жем орайлары ҳәм пунктлери шөлкемлестириледи. Орайлар от-жемди көтере сатып алыў, қайта ислеў, зәрүр запас жаратыў ҳәм базарға үзликсиз жеткерип бериўди жолға қояды.
Бул система мәмлекетимиздеги қарамал бас санының 87 процентин қурайтуғын халықтың жеке жәрдемши хожалықларын сапалы ҳәм арзан азық-аўқат пенен тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болады.
Презентацияда шарўашылық пенен шуғылланып атырған исбилерменлерди қаржылай қоллап-қуўатлаўдың жаңа механизмлери де көрип шығылды.
Атап айтқанда, от-жем егетуғын 500 гектардан аслам жерди өзлестирип, заманагөй суўғарыў системаларын енгизген исбилерменлер ушын жергиликли бюджет қаржылары есабынан 100 мың куб метрге шекем суў бассейнлерин қурыў усынысы билдирилди.
Сондай-ақ, жаўынлатып суўғарыў технологиясын енгизиў ушын субсидия муғдарын гектарына 2,5 миллион сумнан 4 миллион сумға шекем арттырыў, 10 гектардан аз болмаған жер майданларын суўғарыўда қайта тиклениўши энергия дәреклеринен пайдаланыў үскенелерин сатып алыў қәрежетлериниң 50 процентине шекемги бөлегин қаплап бериў нәзерде тутылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы, Наўайы, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларында жайлаўларды өзлестирген исбилерменлерге бул аймақлардың бир бөлегинде шарўашылық комплекслерин қурыў имканиятын бериў усыныс етилди.
Сондай-ақ, от-жем орайларын шөлкемлестириў ҳәм от-жем егинлерин жетистириў ушын жеңиллетилген кредитлер ажыратыў, заманагөй аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўда қосымша жеңилликлер бериў, сырт ел қәнигелерин тартыў ҳәм жергиликли кадрлардың маманлығын арттырыў қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў нәзерде тутылған.
Қашқадәрья ўәлаятында 2027-жылдан баслап халықтың жеке жәрдемши хожалықларында бағылып атырған шарўа маллары ушын от-жем сатып алыў қәрежетлериниң 10 процентин субсидиялаў системасын тәжирийбе тәризинде енгизиў усынысы билдирилди.
Тараўға илим жетискенликлерин кеңнен енгизиў ҳәм туқымгершиликти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги күнде азықлық туқымға болған талаптың 95 проценти импорт есабынан қапланбақта.
Презентацияда Қашқадәрья ўәлаятында Египет илимпазларының қатнасыўында илимий-изертлеў ҳәм туқымгершилик орайларын шөлкемлестириў режелери таныстырылды. Олардың жумысы қурғақшылық ҳәм шорланыўға шыдамлы, жергиликли ықлым шараятларына бейимлескен, зүрәәтли сортларды жетистириў, туқым импортын басқышпа-басқыш қысқартыўға қаратылады.
Шарўа малларының нәсиллик сапасын жақсылаў арқалы гөш ҳәм сүт жетистириўди көбейтиў ушын қосымша имканиятлар бар екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, генетикалық потенциалы жоқары болған эмбрионларды жасалма туқымландырыў ҳәм трансплантациялаў технологияларын енгизиўди кеңейтиў, аймақларда нәсилшилик хызметлерин раўажландырыў, ири шарўашылық хожалықлары ҳәм халықтың жеке жәрдемши хожалықлары арасында кооперацияны жолға қойыў усыныс етилди.
Презентацияда атап өтилген илажлардың әмелге асырылыўы шарўашылық өнимдарлығын сезилерли дәрежеде арттырыў, қарамалларды сойыўдағы тири салмағын 250-350 килограммнан 450-550 килограммға жеткериў, қосымша 400 мың тонна гөш жетистириў имканиятын беретуғыны атап өтилди.
Президентимиз шарўашылық тармағының турақлы өсиўин тәмийинлеў ушын, бәринен бурын, беккем от-жем базасын жаратыў, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, илим ҳәм заманагөй технологиялардың жетискенликлери тийкарында өндирис нәтийжелилигин арттырыў зәрүрлигин атап өтти.
Жуўапкерлерге билдирилген усынысларды пуқта ислеп шығып, оларды қаржыландырыўдың анық механизмлерин белгилеў, жойбарларды аймақлар кесиминде қәлиплестириў, ишки базарда гөш ҳәм сүт өнимлериниң баҳасы турақлылығын тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди.