Мәмлекетимиз басшысы Амман қаласында Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерди. Өзбекстан Президенти еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары қатнасқан бизнес-форумда да қатнасты.

Саммит шеңберинде Стратегиялық шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды. Соның менен бирге, бирге ислесиўди және де кеңейтиўге қаратылған 19 ҳүжжетке қол қойылды.

Сапар илажлары жуўмақланғаннан соң, Малика Алия атындағы халықаралық аэропортта Өзбекстан Президентин өмирлик жолдасы менен Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн шығарып салды.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкентке жөнеп кетти.