Мәмлекетимиз басшысы ҳәм оның өмирлик жолдасын Патша Абдулла II ибн ал-Ҳусайн ҳәм Малика Рания ал-Абдулла қызғын қутлықлады. Биргеликте сүўретке түсириў болып өтти.

Жоқары мәртебели мийман ҳүрметине артиллериялық салют берилди. Сарай алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Өзбекстан Президенти ҳәм Иордания Патшасы минберге көтерилди. Еки мәмлекеттиң мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Еки мәмлекет жетекшилери ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти, соң мәмлекетимиз басшысы алдынан ҳүрметли қараўыл ротасы салтанатлы марш пенен өтти.

Мәресим жуўмағында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.