Илажда еки мәмлекет ҳүкиметлериниң ағзалары, жетекши компаниялардың басшылары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери қатнасты.
Сондай-ақ, форумда Иордания Патшасы Абдулла II ибн ал-Ҳусайн ҳәм мәмлекет Саўда-санаат палатасының баслығы Фатҳий ал-Джагбир шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Иордания Патшасының өткен жылы Самарқандқа әмелге асырған тарийхый сапары еки тәреплеме қатнасықларда жаңа бет ашқанын айрықша атап өтти.
Жоқары дәрежедеги жедел сөйлесиўлер себепли экономикалық бирге ислесиў көлеми избе-из кеңейип бармақта. Кейинги бес жылда өз-ара саўда көлеми дерлик 9 есеге, тек ғана 2025-жылдың өзинде 80 процентке артты. Елимизде Иордания капиталының қатнасыўында 20 дан аслам кәрхана жумыс алып бармақта.
Ташкент ҳәм Амман арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылды, өз-ара визасыз тәртип енгизилди. Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң дәслепки мәжилислери табыслы өткерилди.
Мәмлекетлик сапар шеңберинде Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ҳүжжет 300 товарлар бойынша бажыхана бажыларының төменлетилген ставкаларын қолланыўды нәзерде тутады.
Президентимиз бул келисим өз-ара өним жеткерип бериўди кескин көбейтиў ҳәм товар алмасыўды 500 миллион долларға жеткериў ушын беккем тийкар жарататуғынына исеним билдирди.
Мәмлекетимиз басшысы бизнес-форум шеңберинде салмақлы шәртнама ҳәм келисимлерге қол қойылғанын қоллап-қуўатлап, экономикалық шерикликти кеңейтиўдиң бес тийкарғы бағдарын көрсетип өтти.
Биринши бағдар – тоқымашылық санааты. Акаба арнаўлы экономикалық зонасында Өзбекстанның шийки заты ҳәм ярым таяр өнимлери тийкарында биргеликтеги өндиристи жолға қойыў, кейин ала таяр өнимлерди үшинши мәмлекетлер базарына биргеликте экспорт етиў усынысы билдирилди.
Екиншиси – таў-кән санааты. Иордания инвесторлары Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында шөлкемлестирилип атырған "Келешек металлары" технопарклери негизинде әҳмийетли пайдалы қазылмалар тараўында қоспа жойбарларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге мирәт етилди.
Үшиншиси – фармацевтика санааты. Биргеликте фармацевтика өнимлериниң жаңа түрлерин ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм алдынғы технологиялар трансферин жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. «Tashkent Pharma Park» кластеринде иорданиялы шериклер ушын зәрүр шараятлар ҳәм жеңилликлер жаратылатуғыны атап өтилди.
Төртиншиси – химия санааты. Бәсекиге шыдамлы минерал төгинлер ислеп шығарыў ушын еки мәмлекеттиң потенциалын бирлестириў перспективалары көрсетип өтилди. Азықлық қосымшалар, турмыслық химия ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын ислеп шығарыў бойынша ерисилген келисимлер қоллап-қуўатланды.
Бесиншиси – аўыл хожалығы. Биргеликтеги агросанаат кластерлерин шөлкемлестириў, туқымгершилик, бағшылық ҳәм шарўашылықты раўажландырыў еки мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге салмақлы үлес қосатуғыны атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы туризм тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын үлкен потенциал бар екенин атап өтти. Визасыз тәртип ҳәм тиккелей авиақатнаўлар туристлер ағымын көбейтиўге қолайлы шараят жаратып атырғаны атап өтилди.
Өзбекстан Президенти дос Иордания пуқараларын Ислам дүньясының уллы тарийхый ҳәм руўхый орайлары болған әййемги қалалар – Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўаға сапар етиўге мирәт етти.
Форум шеңбериндеги исбилермен топарлардың ушырасыўларында былғары санааты, телемедицина, азық-аўқат ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника ҳәм логистика тараўларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў перспективалары да додаланды.
Иордания исбилерменлери елимизде жаратылған қолайлы инвестициялық орталық, еркин экономикалық зоналардың жумысы ҳәм санаат кооперациясы имканиятлары менен ҳәр тәреплеме танысты.
Өзбекстан - Иордания бизнес форумының гезектеги мәжилиси келеси жылы март айында Ташкент қаласында өткерилетуғыны мәлим етилди. Мәмлекетимиз басшысы иорданиялы бирге ислесиўшилерди бул илажда жаңа усыныс ҳәм басламалар менен белсене қатнасыўға, елимиз исбилерменлерин болса Иордания базарының имканиятларынан максимал дәрежеде пайдаланыўға шақырды.
Ҳүкиметлераралық комиссия шеңберинде ерисилген келисимлер ҳәм биргеликтеги жойбарлардың әмелге асырылыўы үстинен турақлы мониторинг орнатыўға келисип алынды.