Сәўбетлесиў ўақтында Өзбекстанда пахта-тоқымашылық тармағын турақлы раўажландырыў, халықаралық стандартларды енгизиў, фермерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳәм тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елимизде пахташылықта әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, атап айтқанда, мәжбүрий мийнетти сапластырыў, мийнет ҳуқықларын тәмийинлеў, халықаралық талапларға сәйкес өндирис системасын қәлиплестириў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелери атап өтилди.

Буннан тысқары, Өзбекстанда “BCI” бағдарламасының қамтып алыўы кеңейип атырғаны унамлы баҳаланды. Усы жылы бағдарлама қатнасыўшыларының саны еки есеге көбейгени атап өтилип, сертификатлаў системасын раўажландырыў ҳәм халықаралық стандартларды миллий системаға интеграциялаў бойынша бирге ислесиўди күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, фермерлердиң ҳуқықый кепилликлерин буннан былай да беккемлеў, баҳаның ашық-айдынлығын тәмийинлеў, қаржыландырыў имканиятларын кеңейтиў ҳәм экологиялық турақлы технологияларды енгизиў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Биргеликтеги жумысшы топарды дүзиў ҳәм тийисли "жол картасы"н ислеп шығыў, өнимлердиң өндиристен тутыныўшыға шекемги ҳәрекетин бақлап барыўға мөлшерленген «TRACE» ҳәм «UZ TRUST» санлы системаларын енгизиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.