Ушырасыўларда еки мәмлекет арасында энергетика тараўындағы стратегиялық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери, атап айтқанда, атом энергетикасы тараўындағы бирге ислесиўдиң жаңа перспективалары додаланды.
Атом энергетикасы тараўында Қытайдың алдынғы тәжирийбеси, заманагөй технологиялары ҳәм илимий-техникалық потенциалынан пайдаланыў имканиятларына айрықша итибар қаратылды.
Атом электр станцияларынан қәўипсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыў, ядролық ҳәм радиациялық қәўипсизликти тәмийинлеў, маман қәнигелер таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў тараўларында бирге ислесиў мәселелери де додаланды.
Ушырасыўлар даўамында тәреплер атом энергетикасы тараўында узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенин билдирди.