"Бир Ўатан, бир халық, бир байрақ!" сүрени астында өткерилген илажда Қытай жоқары оқыў орынларында билим алып атырған өзбекстанлы студентлер, усы мәмлекетте мийнет етип атырған ўатанласлар, сондай-ақ, Пекин қаласында хызмет сапары менен болған Өзбекстан пуқаралары қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
Илаж қатнасыўшыларына "Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы ҳаққында"ғы нызамның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети ҳаққында мағлыўмат берилди. Өзбекстан байрағы халқымыздың тарийхый жолы, мәденияты ҳәм қәдириятларын сәўлелендиретуғын мәмлекетимиздиң белгиси екени атап өтилди.
Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайы артып атырғаны, мәмлекетимиздиң мәденият, спорт ҳәм илим тараўларында ерисип атырған үлкен жетискенликлери, мәмлекетимиз байрағының жәҳән көлеминде жоқары көтерилип атырғанына айрықша итибар қаратылды.
Жерлеслеримиз Өзбекстанда билимлендириў, илим ҳәм инновация тараўларында әмелге асырылып атырған реформалар менен де толық таныстырылды. Оларды мәмлекетимизде бул бағдарларды избе-из раўажландырыўға өз үлеслерин қосыўға шақырды.
Ашық ҳәм конструктивлик руўхта өткен илаж соңында пуқаралар өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўаплар алды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар өзбек миллий тағамларынан пайдаланыў имканиятына ийе болды.