"Report"тың жазыўынша, бул Қытай сыртқы ислер министрлиги тәрепинен тастыйықланған.
19-ноябрь күни ҚХР Баслығы Си Цзинпин Шэньчжэнде Россия Президенти Владимир Путин ҳәм АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен ушырасыў өткереди", делинеди сыртқы сиясат уйымының хабарында.
Атап өтилиўинше, илаж үш тәреплеме форматта өткериледи.
Бурын Пекин бундай ушырасыў өткерилетуғынын рәсмий түрде тастыйықламаған еди. “Reuters” агентлигиниң дереклерге сүйенип жазыўынша, Қытай Путин ҳәм Трамптың Си Цзинпин менен ушырасыўында Россия-Украина келиспеўшилигиниң додаланыўына қарсы.