Таңлаў ҳәр жылы Россия Экономикалық раўажланыў министрлиги ҳәм Өзбекстан Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң жәрдеминде өткериледи. Оның мақсети студентлер тәрепинен Россия ҳәм Өзбекстан компаниялары ушын жойбарлар ислеп шығыў арқалы еки мәмлекеттиң саўда-экономикалық байланысларын раўажландырыўдан ибарат, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Быйылғы жарыста Өзбекстан ҳәм Россиядан 37 команда қатнасып, олардың бесеўи жеңимпаз болды. Лауреатлар арасында санаат кооперациясын раўажландырыў, өндириске робототехниканы енгизиў ҳәм электрон саўданы жетилистириў бағдарындағы басламалары менен Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң топары да бар.

Мәресимде Өзбекстан елшиси Ботиржон Асадов, ПССА ректоры Виттория Идрисова, Россия Экономикалық раўажланыў министрлиги ҳәм Сыртқы ислер министрлиги, "Россотрудничество" ўәкиллери, Россия санаатылар ҳәм исбилерменлер аўқамының (РСИА) вице-президенти Сергей Красильников, бизнес ўәкиллери ҳәм еки мәмлекет университетлериниң студентлери қатнасты.

Виттория Идрисова қатнасыўшылардың географиясы кеңейип, Россия ҳәм Өзбекстан бизнесиниң таңлаўға қызығыўшылығы артып атырғанын атап өтти. Экономикалық раўажланыў министрлиги ўәкиллери таңлаўды және де раўажландырыў, соның ишинде, жеңимпаз студентлердиң жойбарларын әмелге асырыў мақсетинде олардың әмелиятын шөлкемлестириўден мәпдар екенлигин билдирди.

Өз гезегинде, Сергей Красилников Өзбекстанды Россияның тийкарғы саўда-экономикалық шериги деп атады ҳәм РСИА да таңлаўдың кейинги басқышын шөлкемлестириўге қосылыўға таяр екенин билдирди. Сондай-ақ, Өзбекстан компанияларының кеңнен қатнасыўы ушын Өзбекстан Саўда-санаат палатасын тартыў имканияты атап өтилди.

Мәресим жуўмағында жеңимпазларға сертификат ҳәм естелик саўғалары тапсырылды. ПССА ўәкиллери менен Өзбекстан елшиханасы менен бирге ислесиўди даўам еттириў, жаңа Өзбекстан компанияларын тартыў, университетлер ҳәм студентлерди таңлаў ҳаққында хабардар етиўди кеңейтиў мәселелери де додаланды.