Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан - Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.
Ҳәр қыйлы дәрежедеги нәтийжели сөйлесиўлер қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Парламентлераралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар жедел раўажланбақта.
Жыл басынан берли 23 процентке өскен товар алмасыў турақлы артып бармақта. Санаат, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда, соның ишинде, аймақлар дәрежесинде ири кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў даўам етпекте.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин де көрип шықты.