“IWSR” изертлеў компаниясының мағлыўматларына бола, ең көп төменлеў АҚШ ҳәм Қытайда, бир қатар мәмлекетлер, соның ишинде, Ҳиндстан, Бразилия ҳәм Колумбияда алкоголь өнимлерин пайдаланыў көлеми артқан.

Аналитиклер тутыныўдың қысқарыўын алкогольди орташа қабыл етиў тенденциясының тарқалыўы, сондай-ақ, семизликти емлеў ушын қолланылатуғын GLP-1 класындағы препаратлардың көбейиўи менен байланыстырмақта.

Бирақ, экспертлердиң баҳалаўынша, бул факторлар еки ири базардағы көрсеткишлердиң сезилерли дәрежеде төменлеўин толық түсиндире алмайды.

Атап айтқанда, Қытайда экономикалық өсиўдиң төменлеўи, көшпес мүлк базарындағы созылмалы кризис ҳәм халықтың қартайыўы жағдайға тәсир етпекте.

АҚШта тутыныўшыларға импорт бажылары, инфляция ҳәм экономикалық анықсызлық қосымша басым өткермекте.

2026-жылдың биринши ярымында АҚШта алкоголь өнимлерин пайдаланыў 4 процентке азайған. Қытайда болса улыўма көрсеткиш 3 процентке азайған.

Соның менен бирге, ең жоқары өсиў пәтлерин Ҳиндстан көрсетип, 2026-жылдың биринши ярымында алкоголь өнимлерин тутыныўдың улыўма көлеми 10 процентке артты. Барлық категорияларда өсиў бақланған. Бул “IWSR” изертлеў компаниясы тәрепинен бақлап барылып атырған 21 ири базар арасындағы ең жоқары көрсеткиш болды.

Тутыныў 1 процентке қысқарғанына қарамастан, 2026-жылдың биринши ярым жыллығында оның төменлеў пәти 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда төмен болды, сол дәўирде бул көрсеткиш 2 процентти қураған еди, деп жазбақта “Kazinform”.