Қаржылар "Самарқанд ўәлаятында бирлемши медициналық-санитариялық жәрдем көрсетиў нәтийжелерин системалы жақсылаў" (SHIFO-1) бағдарламасын әмелге асырыўға бағдарланады.

Бағдарлама шеңберинде 400 ден аслам шаңарақлық поликлиниканы модернизациялаў, 6 мың 400 ден аслам медицина хызметкерин, соның ишинде, 1 мың 250 шаңарақлық шыпакер ҳәм 5 мың мийирбийкени таярлаў ҳәм сертификатлаў режелестирилген.

Санлы медициналық хызметлерди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылады. D-MED миллий платформасын наўқаслардың электрон реестри ҳәм басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем дәрежесинде халықтың саламатлығын басқарыўды жақсылаў ушын қураллар менен толықтырыў режелестирилген.

Бул жүрек-қан тамыр кеселликлери қәўпин анықлаў ушын 330 мың жастағы жасы үлкенлерди скринингтен өткериў ҳәм 250 мың наўқасты емлеў процесин бақлап барыў имканиятын береди.

Жәҳән банки мағлыўматларына бола, бул бағдарлама халықтың саламатлығын жақсылаў, медицина хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилиги ҳәм маманлығын арттырыў арқалы қосымша 28 мың 800 ге шамалас жоқары мийнет ҳақы төленетуғын жумыс орынларын жаратыўға да хызмет етеди.

SHIFO-1 бағдарламасының улыўма баҳасы 525 миллион долларды қурайды. Соннан 100 миллион долларын Халықаралық раўажланыў ассоциациясы (ХРА) жеңиллетилген кредит сыпатында, және 425 миллион долларын Өзбекстан ҳүкимети ажыратады.

Бағдарламаның орынланыўын Экономика ҳәм қаржы министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа да тийисли уйымлар тәмийинлейди. Ол 2028-жылдың декабрине шекем мөлшерленген.