Олардан:

1. Шыпакер қабыллаўына жазылыў.

2. Балаларды шаншыў календары.

3. Жеңиллетилген емлениў ҳуқықын тексериў.

4. 086-санлы медициналық мағлыўматнаманы алыў.

5. Қантлы диабет скринингинен өтиў ҳәм оның нәтийжелерин алыў.

6. Дәрилик затларды мәмлекет тәрепинен дизимнен өткериў.

7. Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине маманлық категорияларын бериў.

8. Пуқараларды шаңарақлық поликлиникаларға бириктириў.

9. Медицина шөлкемлерин аккредитациялаў.

10. “COVID-19”ға қарсы шаншыўға жазылыў ҳәм оның жағдайын тексериў.

11. Антропометриялық скрининг нәтийжелерин алыў.

12. Психоневрология диспансеринен мағлыўматнама алыў.

13. Наркология диспансери мағлуўматнамасын алыў.

14. Медициналық буйымларды мәмлекетлик дизимнен өткериў.

15. Медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлериниң сертификатларын тексериў.

16. Жүрек-қан тамыр системасы скринингинен өтиў ҳәм нәтийжелерин алыў.

17. Ўақытша мийнетке жарамсызлық қағазлары ҳаққында мағлыўмат алыў.

18. Санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм мәмлекетлик стандартларды тексериў нәтийжелерин алыў.

19. Кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың санаторийларына жолламаларды рәсмийлестириў.

20. АИВ жоқлығы ҳаққында мағлыўматнама алыў.

21. Медициналық ордерди тексериў.

22. Ҳаж ҳәм умра сапарына барыў ушын медициналық мағлыўматнама алыў.

23. Шаңарақ поликлиникасының шыпакери ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыў.

24. Азық-аўқат өнимлерине санитариялық-эпидемиологиялық жуўмақ алыў.

25. Профилактикалық шаншыўлар бар екенлигин тексериў.

26. 083/х-санлы медициналық мағлыўматнама алыў.

27. Илимий изертлеўшилердиң искерлиги ҳаққында мағлыўмат алыў.

28. Санатория жолламасын алыў ушын нәўбетти тексериў.

29. Саламатлық көрсеткишлери ҳаққында мағлыўмат алыў.

30. Белгиленген электрон рецептлер ҳаққында мағлыўмат алыў.

31. Емлениў қәрежетлерин қаплаў.

32. Халықты профилактикалық медициналық тексериўден өткериў календары.

33. Медициналық жумысқа рухсат алыў.

34. Фтизиатрия есабы ҳаққында мағлыўмат алыў.

35. Дене массасы индекси калкуляторы.

36. Онкологиялық скринингтен өтиў ҳәм нәтийжелерин алыў.

37. Биологиялық актив қосымшалардың электрон реестри.

38. Клиникалық тексериўлер нәтийжелерин тексериў.

39. Наркология диспансеринен мағлыўматнама алыў.

40. 40 жастан асқан адамларда жүрек-қан тамыр кеселликлери қәўпин баҳалаў.

41. Психоневрология диспансеринен мағлыўматнама алыў.

42. Мәмлекет тәрепинен бийпул берилетуғын дәри қураллары ҳаққында мағлыўмат алыў.

43. Дәри-дәрмақ қуралларының баҳалары ҳаққында мағлыўмат алыў.

44. Рецепт пенен ҳәм рецептсиз берилетуғын препаратлар ҳаққында мағлыўмат алыў.

Еслетип өтемиз, “my.gov.uz” порталының "Денсаўлықты сақлаў" бөлиминде хызметлерден пайдаланыў ушын дизимнен өтиў ҳәм (ямаса) авторизациядан өтиў, кейин тийисли сораў жибериў керек.

Арзалар автомат тәризде қайта исленип, керекли мағлыўматлар электрон тәризде усынылады.