Бурын номер ийесин өзгертиў ушын еки тәреп - ҳәзирги ҳәм болажақ ийелер оператор офисине барып, гезекте турыўы ҳәм ҳүжжетлерге қол қойыўы керек еди. Енди бул тәртип электрон түрде әмелге асырылады.

Хызметтен қалай пайдаланыў мүмкин?

“My.gov.uz” порталына ямаса “MyGov” мобиль қосымшасына кириң.

"Мобиль номерин қайта рәсмийлестириў" хызметин таңлаң.

Керекли мағлыўматларды толтырып, арза жибериў.

Әҳмийетли тәрепи: тәртипти жуўмақлаў ушын еки тәреп - номердиң әмелдеги ийеси ҳәм жаңа абонент “MyID” системасы арқалы арзаны тастыйықлаўы керек.

Хызмет баҳасы мобиль байланыс операторлары тәрепинен белгиленген тарифлерге муўапық белгиленеди.

Усы тәризде, мобиль номерди аралықтан турып қайта рәсмийлестириў, ўақытты үнемлеў ҳәм оператор офисине барыў зәрүрлигинен қутылыў мүмкин.