Буннан тысқары, медициналық мағлыўматларды табыў, түсиниў ҳәм қолланыўы аңсат болған адамлар әдетте азырақ стреске ушырайтуғыны анықланған. Бир неше созылмалы кеселликлери бар адамларға жәрдем көрсетиўде тек ғана олардың медициналық мағлыўматлар менен ислесиў қәбилетин емес, ал стресске индивидуал бейимлесиўин де есапқа алыў керек, деп жазады “remedium.ru”.

Изертлеў даўамында үш группа салыстырылды. Биринши топарға созылмалы кеселлиги болмағанлар, екинши топарға бир кеселлиги болғанлар, үшинши топарға еки ҳәм оннан көп кеселлиги болғанлар киргизилген. Ҳәр үш топарда да стресс дәрежесиниң жоқарылығы жасы, жынысы, билим дәрежеси, бәнтлиги ҳәм финанслық имканиятларын есапқа алғанда да турмыс сапасының төменлеўи менен байланыслы болған. Созылмалы кеселликлер көбейген сайын бул байланыс күшейген.

Еки ҳәм оннан көбирек кеселликлери болған наўқаслар арасында көбирек көриниске ийе болған: оларда сезилип атырған стресс ҳәм өмир сапасының төменлеўи ортасындағы байланыс созылмалы кеселликлери болмаған адамларға қарағанда шама менен еки мәрте күшлирек болған. Бирақ, соны айтып өтиў керек, изертлеў статистикалық байланысты көрсетеди, бирақ себеп-нәтийжели байланысты анықлаў имканын бермейди.

"Бир неше кеселликтиң бар екенлиги шыпакерлерге барыў, дәри-дәрмақларды қабыл етиў ҳәм ҳәр қыйлы қәнигелерден келип түсип атырған мағлыўматларды муўапықластырыў зәрүрлигин аңлатыўы мүмкин. Алынған нәтийжелер бир неше созылмалы кеселликлерге шалынған адамлардың турмыс сапасын баҳалаўда стресс дәрежесине итибар қаратыў зәрүрлигин көрсетеди", — дейди изертлеў авторлары.